Устаз! Сол бир ғана сөзде әлем-әлем мәни ҳәм ҳүрмет жәмленген. Дүньяда қаншадан-қанша кәсиплер көп, ол турмысымызда өз орнына ҳәм әҳмийетине ийе. Олардың қатарында сондай уллы кәсип бар болып, басқа барлық кәсиплер оның тийкарында қәлиплеседи ҳәм раўажланады. Бул жоқары мәртебели кәсип муғаллимшилик ҳәм устазлықдур, деген ҳүрметли Президентимиздиң қанатлы сөзлери бул кәсип ийелеринде қаншелли руўхландырыўшылық оятатуғынын айтып жеткериў қыйын. Оқытыўшы – ҳақ кеўил, руўхый бай, әдеп-икрамлы пәк инсанлардур
.
Шоманай районлық мәлимлеме китапхана орайында 1-октябрь «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамына арнап «О әдиўли муғаллимим,устазым» атамасында ушырасыў кеше болып өтти.Ушырасыў кешеге коп жыллар жасларға билим берип келген нураный устаз, китапқумар ана З.Абибуллаева ҳәм районлық қәнигелестирилген мектептиӊ муғаллими Д.Асанова ҳәм оқыўшылары қатнасты. Кешени районлық мәлимлеме китапхана орайы директоры Б.Атамуратова ашып берди ҳәм байрам менен қутлықлап өтти. Нураный устаз, китапқумар ана З.Абибуллаева келешегимиз болған жас әўладты билимли, саўатлы етип тәрбиялаўдай машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсиби ҳаққында айтып, ўатанымызға, халқымызға пидәйы ҳәм ҳадал хызмет ететуғын инсанлар болып жетилисиўине тилеклер билдирди.
Кеше қәнигелестирилген мектептиӊ оқыўшылары тәрепинен таярланған устаз ҳаққындағы қосық ҳәм тақмақлары менен даўам етти.
А.БАЙНИЯЗОВА,
Шоманай районлық мәлимлеме китапхана орайы қәнигеси.
