Билим мисли дәрья, ол қуяш нурына мегзес, дүньяны кѳркейтеди, инсанды кәмилликке жеткереди. Мектебимизде ҳәр бир оқыўшының билимге болған умтылыў ҳәм талапшаңлығына қарай олардың толық мектепке қатнасын, минез-қулқына тереңнен дыққат-итибар қаратыў ушын әсиресе ата-аналар менен ҳәр шеректе ушырасыў, пикирлесиў жумыслары ѳткерилип, орынлы сораўлары инабатқа алынады.
Оқыўшылардың билимге ҳәм спортқа деген қызығыўшылығын оятыўда мол тәжирийбеге ийе 35 педагог сабақ бермекте. Мектепте 322 оқыўшы билим алыўы ушын 14 пән дѳгереги, 6 спорт секциялары турақлы түрде и
слеп тур. Республика ҳәм район арасында болып ѳткен билимлер сынағы ҳәм спорт таңлаўлары оқыўшыларымыздың билим дәрежесин ҳәм шаққанлығын кѳрсетип берди десек орынлы болады.
Сондай-ақ, оқытыўдың жаңа сырларын енгизиў, интерактив методларынан пухта пайдаланыў, сабақ сапасын еле де жақсылаў, оқыўшы жасларды заманагѳй технологиялар менен ислесиўге бағдарлаў бойынша да барлық мүмкиншиликлерге итибар қаратылған.
Және де балалардың спорт пенен еркин шуғылланыўы ушын спорт зал, теннис столы ҳәм керекли спорт үскенелери менен тәмийинленген.
Соны мақтаныш пенен айта аламыз, районлар арасындағы ѳткерилген жарыста футбол түринен 5-6-класлар арасында командамыз 2-орынды ийелеген болса, «Үмит нәлшелери» спорт жарысында футбол түринен 3-орынды алыўға еристи. Атап айтқанда жасларымыздың китапқумарлыққа болған кѳз-қарасын арттырыўда «Қымбат ҳәм Сымбат» атамасындағы китапқумарлар жарысы 5-6-класлар арасында ѳткерилип сыйлы саўғаларға ийе болды. Сондай-ақ, район кѳлеминде ѳткерилген «Пән олимпиадасы»нда қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен 10-класс оқыўшымыз Жансая Кунгирбаева 1-орынды алыўға миясар болса, спорттың шахмат түринен «Бес баслама» бойынша ѳткерилген таңлаўда 5-класс оқыўшысы Чарос Сабырбаева районлық жарыста 1-орынды алып, республика басқышында 2-орынды ийеледи. Спорттың гүрес түринен 7-класс оқыўшымыз Нурсултан Назарбаев, Дилбар Алпысбаев, Гүлсевар Назарбаева 1-орынды ийеледи. Оқыўшыларымыздың усындай жетискенликлерге ерисиўде муғаллимлеримиз заманагѳй методлардан пайдаланып сабақ бермекте. Булардың тастыйғын ҳәр жылы питкериўши жасларымыздың ѳзлери таңлаған кәсиби бойынша жоқары оқыў орынларына кириўи бизлерди қуўанышқа бѳлемекте. Жас әўладқа заман талапларына сай билим сырларын үйретип атырған муғаллимлерден М.Қутымбетова, М.Рамбергенов, Б.Хожалиева, А.Сейтбекова, Б.Турманова, М.Насраддинова, Ж.Избасаров, М.Турдыбекова, А.Юсупбаева, С.Тажибаева, Б.Хожалепесовалардың мийнетлерин айрықша атап ѳтиўге арзыйды.
Мақсетимиз келешектиң билимли жасларын жетилистириў екен, заман талапларына сай билим кѳнликпелерин үйретемиз – деп исеним менен айта аламыз.
Рая АЛЛАМБЕРГЕНОВА,
Қоңырат районы, 20-санлы мектеп директоры.
