Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларымызды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланып үлгерди. Жәмийетимиздиң тиреги болған ҳаял-қызлардың турмысында бурын болмаған ѳзгерислер менен шараятлар жүз бергениниң гүўасы боламыз.
Олар турмыста ѳз орынларын жаратыў, билим алыў, исбилерменлик жумысларын жүргизиў бойынша қоллап-қуўатланып келинбекте.
Әсиресе, жас қызларымыздың ѳмирде ѳз орынларын ийелеўи ушын билим алыўы дәўир тал
абына айланып, қоллап-қуўатланып атырғаны мақтанышлы ҳәм қуўанышлы жағдайлардың бири.
Мине, усы мақсетте пайтахтымыздағы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Бир қызбаланы оқытсаң – пүткил шаңарақты оқытқан боласыз» атамасында 9-11-класс оқыўшы қызлары менен дѳңгелек стол әтирапында сәўбет шѳлкемлестирилди.
Сәўбетти мектептиң ҳаял-қызлар комитети баслығы Амина Муратбаева баслап берип, қызларымыз ушын жаратылып атырған имканиятларға тоқтап ѳтти.
Оннан соң дѳңгелек стол мийманы Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан билимлендириў ағласы, биология илимлери бойынша философия докторы, ҚМУ қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти Маржан Оразымбетова шығып сѳйледи.
Ол ѳз сѳзинде ҳаял-қызларымыз миллетимиздиң айнасы ҳәм тиреги екенлиги бойынша жүдә терең мазмунлы етип айтып берди…
Ўатанның ишиндеги кишкене ўатанның уйытқысы ҳаял билимли болса, демек перзентлерин ақыллы, руўхый жақтан кәмил етип тәрбиялай алады. Демек, ҳаял-қызларымызға қойылып атырған талап, имканиятлардан орынлы пайдаланып, жәмийеттиң тиреги болыўы ушын билим алып, ертеңги күнге исенимли қәдем таслаўына имкан жаратыўы керек.
Ҳақыйқатында да елимизде ҳаял-қызларымызға ғамқорлық кѳрсетиў, оларды ҳәр қәдемде қоллап-қуўатлаў, мүмкиншиликлер менен жаратылып атырған ѳзгерислер менен раўажланыўларға кѳз тиймесин.
Зибира
АБДИНИЯЗОВА.
