Бизлердиң жүреклеримизди – жүреклерге тутастырыўшы әжайып нур бериўши бул китап.Китап мийимизди күшли қылып билимлер ғәзийнесине есик ашады. Бәрше инсан патшалардың сарайлары қасында, китапханалары болғаны тегиннен емес,мектеп бир жәҳән онда камал табар хақыйқый инсан.
Инсан бәрше арзыўлары, мақсетинде тек билим арқалы ериседи. Жети жаста мектепке қәдем қойып,әлипбеден саўат ашып, басқа бир дүньяға қәдем атамыз, бизге имканиятлар есиги ашылады. Китап оны көп оқыған адамға әўмет, бахыт алып келиўи анық. Китап бәрше билимлердиң тийкары. Билимсиз өмир жоқ. Биз билим ҳәм тәрбияны китаплардан аламыз. Күннен-күнге әжайып китаплар менен танысып, билимимизге билим, тәрбиямызға тәрбия қосылады. Китап – тилсиз муғаллим, ол бизге таныс емес дүньяның есигин ашып, жаманлықтан аўлақ болып, жақсылық ҳәм саўаплы ислерге умтылдырады. Жақсы китап, бул жақсы дос дегени. Биз шаңарақта перзентлеримизге ертеклер айтып берип, оларға инсаныйлық пазыйлеттиң дүрданасы саналған китаптың әҳмийетин түсиндирип санасына сиңдирип, китап оқыўға болған қызығыўшылығын асыра аламыз. Жақсы билим тәрбия перзентлеримиздиң келешеги, ертеңги жақсы өмириниң тийкары. Солай екен, биз китап оқыўымыз керек. Руўхый азығымыз саналған, өмиримизди зия нурлары менен жақтыландырыўшы китап пенен дос болып, оны асырап-абайлап қәдирине жетиў керек, себеби ийелеген билим, тәрбия өмириң даўамында сениң азығың болып, өмирден өз орныңды табыўыңда әҳмийети уллы. Солай екен, перзентлеримизди де китап оқыўға тәрбиялап, үй китапханамызда билим, тәрбия дүрданаларын сақлаўды, оқыўды өзимизге әдет қылсақ арзыйды. Себеби, билим тийкары китап болса, билим жетискенлик ҳәм табыслардың гилти саналады.
Тазахан Қдырниязова,
Әмиўдәрья районы, МШҳМББ не қараслы 3-санлы улыўма билим бериў мектеп китапханашысы.
