НЫЗАМШЫЛЫҚТА БЕРИЛИП АТЫРҒАН ЖЕҢИЛЛИКЛЕР

Ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўында билимлендириў системасының тутқан орны айрықша. Ҳәр қандай тараўды раўажландырыў, халқымыздың руўхый ағартыўшылық жағдайын жақсылаў ҳәм беккемлеў, жат идеяларға қарсы турыў, халықаралық рейтинглерде алдыңғы орынларды ийелеў ушын билимлендириў бирлемши элемент болып есапланады.
Бүгинги күнде барлық тараўларда болғаны сыяқлы билимлендириў тараўында да басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимизде оқытыўшы ҳәм устазларға ҳүрмет кѳрсетиў, абырайын асырыў ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў, олардың социаллық ҳәм материаллық жақтан тәмийинлеўи, маман қәниге болып жетилисиўи ушын социаллық жеңилликлер бериў бойыншада бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Билимлендириў мәкемелеринде оқытыўшы болып ислеп атырған атақлы, халықаралық олимпиадалар жеңимпазларының айлық (лаўазым) ис ҳақыларына ҳәр ай 150 пайыз, тийкарғы олимпиадалардың республика басқышы жеңимпазларының лаўазым ис ҳақыларына ҳәр ай 100 пайыз муғдарында үстеме ҳақы тѳленеди.
Халықаралық олимпиадалардың жеңимпазларын таярлаған оқытыўшылар ҳәм билимлендириў мәкемелери директорларына нәўбеттеги оқыў жылы ушын директор қорынан алтын, гүмис ҳәм бронза медаллары бойынша қосымша 200,175 ҳәм 150 пайызлы үстеме тѳленеди.
Пенсия жасындағы педагоглар нәўбеттеги аттестацияға қамтылмайды.
Инклюзив билим бериў класларының оқытыўшыларына мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда тѳленетуғын үстеме ҳақы кластағы айрықша билим алыў зәрүрлиги болған бир бала ушын лаўазым ис ҳақысының 10 пайызы, еки бала ушын лаўазым ис ҳақысының 20 пайызы, үш бала ушын лаўазым ис ҳақысының 30 пайызы муғдарында, еки ямаса оннан артық инклюзив билим бериў класларында тѳрт ҳәм оннан артық бала ушын тәлим-тәрбия жумысларын алып барған оқытыўшылар ҳәм арнаўлы педагогларға лаўазым ис ҳақысының 40 пайызы муғдарында белгиленеди.
Басланғыш таяныш коррекциялық класлар оқытыўшылары ҳәм арнаўлы педагогларға мийнеттиң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда тѳленетуғын үстеме ҳақы лаўазым ис ҳақысының 50 пайызы муғдарында тѳленеди.
Инклюзив билим бериў класлары класс басшылығы ушын толық кѳлемде қосымша қаржы ажыратылады ҳәм ол директор қорынан тѳленеди.
Аўыллардағы мектеплерде денетәрбия оқытыўшысы болып ислеп атырған ҳаял-қызлардың тариф ставкаларына ҳәр айда 15 пайыз муғдарында үстеме ҳақы тѳленеди.
Мәмлекетимизде оқытыўшы ҳәм устазларға буннан басқа да бир қанша жеңилликлер берилген болып, булардың барлығы мәмлекетимизде билимлендириў системасының пүткиллей жаңаланыўына, педагоглар искерлигин тәлим-тәрбия менен тығыз байланысқан ҳалда шѳлкемлестириў, олардың мийнетиниң қәдирлениўи ҳәм нызам менен қорғалыўына шараят жаратады.

Ш.МАТНИЯЗОВ,
Шымбай районы, Әдиллик бѳлими юридикалық хызмет кѳрсетиў орайы Бас юрист консульти.