ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жылы 2-июль күнги “ϴзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында”ғы 548-санлы қарары менен Министрлер Кабинетиниң “Ишки ислер органлары тараўында мәмлекетлик хызметлерин көрсетиўдиң айырым ҳәкимшилик регламентлерин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 2018-жылғы қарарына өзгерис киритилди.
Яғный, «Судланғанлық ҳаққында мағлыўматнама бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиӊ ҳәкимшилик регламенти»ниӊ 6 ҳәм 7-бәнтлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киритилип, пуқаралар судланғанлық яки судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын арза бериўши яки оның жақын туўысқанлары (ата анасы, өмирлик жолдасы ҳәм балалары) арза бериўши атынан мүрәжат етиў ҳуқықына ийе болды.
Бул өзгерислерден алдын пуқаралар судланғанлық яки судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыў ушын арза бериўши тиккелей өзи келип мүрәжаат етиўи, яки болмаса үшинши шахс мәплери ушын мүрәжат еткенде сораўнамаға нотариал тастыйықланған исеним хат қосымша қылыныўы ҳәм де мәмлекетлик хызметтен пайдаланыў ушын электрон санлы имзаны (ЭРИ) мәжбүрий тәртипте алыўы белгилеп қойылған еди.
Б.Нурлыбеков,
Нөкис қаласы, Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.
