ѲЗ ИСБИЛЕРМЕНЛИГИН БАСЛАДЫ

Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жасларды исбилерменликке қамтып алыў ҳәм олардың бизнес басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша ис-илажлар ҳаққында»ғы 2021-жыл 21-декабрьдеги қарарына тийкар жаслардың бизнес жобаларына жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратыў белгиленген.
Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы күнге шекем «Жаслар – келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен 31 жасқа жәми 13 млрд. 600 млн. сумнан зыят жеңиллетилген кредит қаржылар ажыратылды.
Жақында Нѳкис қаласында жайласқан гербиш ислеп шығарыў үскенеси ҳәм ѳним жеткерип бериў мақсетинде жүк автомобилин сатып алыў ушын 600 млн. сум кредит қаржысын алып ѳз исбилерменлигин баслаған Дилбар Жалғасбаеваның жумыс барысын үйрениў мақсетинде пресс-тур шѳлкемлестирилди.
– «Жаслар-келешегимиз» фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалына мүрәжат етип, жеңиллетилген кредит алып, 2023-жылдың август айынан баслап ѳз жумысымызды басладық. Қытай мәмлекетинен алып келинген соңғы заманагѳй ҳәм автоматластырылған үскене менен тәмийинлендик. Шлакаблок ислеп шығарып атырмыз.
Ҳәзирги ўақытта алты жастың бәнтлиги тәмийинленди. Күнине 2500-3000 дана ѳним шығарылмақта. Елимиздиң абадан турмысы ушын ѳз үлесимизди қосып атырғанымыздан жүдә қуўанышлымыз, – дейди ис басқарыўшысы Рустам Яқшимов.
Бүгинги жас исбилерменлер усындай үлкен ғамқорлықлар астында. Ѳз гезегинде олар ѳз маманлықларын және де жетилистирип, халқымыздың ҳақыйқый сүйениши болары анық. Ѳз исбилерменлигин баслаў нийетинде жүрген жасларда усындай басламалардан үйренип барса болады.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.