Зыянкеслерге қарсы гүресте қолланылатуғын препаратлардың инсан ҳәм ыссы қанлы ҳайўанларға зәҳәрли тәсирин есапқа алған ҳалда, зыянкеске қарсы гүресте қатнасатуғын барлық хызметкерлерге химиялық препаратлардың қәсийетлери, қәўипсизлик қағыйдалары толық таныстырылады ҳәм бул илажларға қатнасыўшы барлық хыметкерлер әлбетте, медициналық көриктен өтиўлери керек. Бул исте жасы 18 ге толған, дени саў екенлиги ҳаққында шыпакер мағлыўматнамасына ийе болған химиялық препаратлар менен ислеў бойынша руқсатнама алған адамларға руқсат бериледи. Жасы толмаған өспиримлер, емизиўли ҳәм ҳәмиледар ҳаялларға руқсат етилмейди. Бундай жумыс пенен шуғылланыўшылар Өзбекстан Республикасы санитария қағыйдалары ҳәм гигиена шәртлерине қатал әмел қылыўы шәрт. Оғыры ҳәм жоқары зәҳәрли химиялық қураллар топарына кириўши препаратлар менен 4 саат даўамында, қалған химиялық препаратлар менен болса 6 саат ислеўге рухсат етиледи. Жумыс орнында әлбетте дәри-дәрмақ қутысы (аптечка) болыўы шәрт. Арнаўлы кийимлерден жумыстан тыс пайдаланыў қатал қадаған етиледи. Жумыс орнында ҳәм жумыс барысында аўқатланыў, темеки шегиў рухсат етилмейди. Жумыс тамам болғаннан соң ҳәм аўқатланыўдан алдын арнаўлы кийимлер шешиледи, қол сабынлап жуўылады, аўыз әлбетте суў менен шайылады.
Зәҳәрлениў белгилери – бас аўырыўы, ҳәлсизликтиң күшейиўи, тамақ қурыўы жүз береди. Айырым инсанлардың зәҳәрли затларға дәрриў сезгирлиги себепли аллергия пайда болады.
– Дәслеп жәбирлениўшиден зәҳәрли препаратлар менен патасланған арнаўлы кийим шешилип ол, яғный жәбирлениўши қәўипли зонадан алып шығылады.
– тери зыянланғанда, препарат тамған орынды күшли басымда ағып турған суў менен сабынлап қайта-қайта жуўыў ямаса пахта менен териниң басқа жерине тийместен абайлап артып алыў керек. Зәҳәрли химиялық препаратлар көзге түскенде суў ямаса бор кислотасы менен жуўылады. Препарат аўыз бослығына түскенде тезлик пенен зәҳәрди ишек асқазан жолынан шығарып таслаў илажлары көриледи. Асқазанды жуўыў ушын бир неше стакан суў (жыллы болса жүдә жақсы) ишилип, бармақлар тилдиң астына тығылып жасалма қустырылады. Зәҳәрди толық шығарып таслаў мақсетинде бул процесс 2-3 мәрте тәкирарланады.
Қорғаныў қураллары – арнаўлы кийим, резина ямаса шүберек қолқап, шаңлы зәҳәрли препаратлардан сақлайтуғын жағдай. Көзди сақлайтуғын шаңға қарсы – ПО – 3 маркалы көзәйнек. Жоқары ҳаўа жолларын сақлаў мақсетинде Ф – 62, астра – 2, У – 2, лепесток – 200, лепесток – 40, лепесток – 5, ШБ – 1 маркалы шаңға қарсы респираторлардан пайдаланылады. Зәҳәрли затларды жуқтырмаў ушын барлық жумыслар ашық ҳаўада ямаса сорғыш үскенелер менен тәмийинленген бөлмелерде әмелге асырылады.
Алишер
ДЖЕМУРАТОВ,
Нөкис халықаралық аэропорт инспекторы.
