Жақында Дефектологлар ассосациясының бес жыллығы мүнәсибети менен Ташкент қаласында «Жаңа Ѳзбекстан қарсаңында: арнаўлы ҳәм инклюзив тәлим раўажланыўының келешек жойбарлары» атамасында халықаралық форум ѳткерилди.
Форумның мақсети-физикалық, ақылый ҳәм психикалық раўажланыўында машқалалары болған, соның менен бир қатарда социаллық бейимлесиўинде қыйыншылығы бар, имканияты шекленген балаларға психологиялық жәрдем бериў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаўдан ибарат болды.
Халықаралық форумға барлық ўәлаятлардан ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан үш қатнасыўшы бардық. Республикалық кѳп тармақлы балалар медицина орайы логопед-дефектологы Н.Қабулова, 1-санлы қәнигелестрилген мектеп логопед-оқытыўшысы Г.Қабыловалар менен биргеликте қатнасып келдик. Арнаўлы ҳәм инклюзив тәлим бағдарында жумыс алып барып атырған педагог хызметкерлер, оқытыўшы-логопедлер, сурдопедагоглар, дефектолог ҳәм тифлопедагоглар ѳз-ара тәжирийбе алмасты. Арнаўлы педагогикада дүнья жүзилик дефектологларының жетискенликлери менен танысыў ушын шет еллерге саяхат сапарларын шѳлкемлестириў усыныс етилди. Сондай-ақ, Қазақстан Республикасы М.Әўезов атындағы университет психолог-дефектолог оқытыўшылары келип, ѳз тәжирийбелерин бѳлисти.
Гүлпаршын АМАНГОСОВА,
Нѳкис қаласы, 53-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми логопед-оқытыўшысы.
