ӘМЕЛИЯТШЫ ҚЫЗ

Соңғы ўақытлары адамлар арасындағы сыйласық, адамгершилик ҳәм меҳир-мухаббат ҳаққында көбирек айтылып атыр. Жүреги жыллы, қәлбинде мейирим-шәпәәт сезимлери толқып турған инсанларға бундай мәсләҳәтлер бериў шәрт емес. Олар ҳеш кимниң айтыўынсыз-ақ жүрегиндеги толып-тасып турған сезимлерин басқаларға үлестире алады.
Дүрдана жоқары оқыў орнында оқып жүрген студент қыз. Оларды педагогикалық әмелиятын өтеў ушын ҳәр жылы мектеплерге жибереди.
Быйыл олар бирге оқыйтуғын курслас қызлар менен бирге төртинши классқа бекитилди. Класс жетекшиси де жүдә тәжирийбели, билимли устаз екен. Әмелиятшы қызларды өзине жақын тартып, класс оқыўшылары менен таныстырды. Ҳәр оқыўшының шаңарақ жағдайы, тәртиби, үлгерими ҳәм минез-қулқы ҳаққында мағлыўмат берди.
Әмелиятшы қызлар муғәллимниң сабақларына қатнасып, өзлерине тәжирийбе топлай баслады. Сабақ барысындағы оқыўшыларды қызықтыратуғын методлар, муғаллимниң оқыўшылар менен қарым-қатнасы әмелиятшы қызларға унай баслады.
Муғаллимниң басшылығында сабақтан тысқары ўақытлары да әмелиятшы қызлар класс пенен бирге ҳәр қыйлы байрамлар, қызықлы кешелер ҳәм оқыўшылардың туўылған күнлерин өткерип жүр. Олар класс оқыўшыларын қуўантыў ушын қала ишиге саяхат жасап, саўғалар әкеп берип турады. Оқыўшылар да әмелиятшы әжапаларын жақсы көрип қалды. Әсиресе, Әзийза Дүрдана әжапасын қатты жақсы көреди. Дүрдана классқа кирип келгеннен, Әзийза оны жуўырып барып қушақлайды. Дүрдана да оны басқалардан артық көре ме, өз үкесиндей етип еркелетеди. Себеби, Әзийзаның анасы әкеси менен ажырасып, сырт елге жумыс ислеўге кеткен. Әзийза дайы әжесиниң қолында қалған екен. Басқа қызларға қарағанда Дүрдана балаларға ийкемлилеў ме, тек Әзийза ғана емес, ҳәтте ул балаларға шекем Дүрдана әжапасын жақсы көреди.
Бирақ, класс басшысы әмелиятшы қызларға:
– Оқыўшыларды өйтип өзлериңизге жақын тута бермең. Ертең сизлер кетип қалған соң, буларға қыйын болады, – деп ескертти. Мүмкин, ол да дурыс шығар. Бирақ, өзине қушағын ашып турған нәрестелерди қалай көкирегинен ийтерип жиберсин?!
Соның менен оқыў жылы да тамам болды. Дүрдана өзине бекитилген 4-класс пенен хошласыў кешесин өткерди. Сүўретке түсти, бирге музқаймақ жеди. Әзийза Дүрдана әжапасының телефон номерин жазып алды.
Келеси оқыў жылында Дүрдана әмелият өтеўге басқа мектепке жиберди. Бул мектептиң муғаллими алдыңғыдай емес, суўықлаў. Сонлықтан ба, оқыўшылары да тәртипсиз, айтқан сөзди тыңлағысы келмейди. Сабақтан тысқары ўақытлары оқыўшылар менен бирге ислесиў дегенди ойына да алмайды. Әмелиятшы қызлар бир нәрсе шөлкемлестирейик десе, муғаллим бәрҳә: «ўақтым жоқ», дейди. Дүрдана ишинен алдыңғы оқыўшыларын сағына баслады. Олар да Әзийзадан әжапаларының номерин алып, тез-тез хабарласып тур. «Әжапа, бизлер бетке келиң, сизлерди қатты сағындық», деп хат жаза берген соң, бир күни Дүрдана сол класста әмелият өтеген достысы менен бирге оқыўшыларын көриўге барды.
Сабақ тамам болғанша дәлизде күтип турды. Пән муғаллими шыққаннан ишке кирип барғаны сол, ҳәмме оқыўшы дуў етип әжапаларына жабысты. Кимиси қушақлап, сағынышларын билдирип атыр. Дүрдана оқыўшылардың өзине деген ыссы-ықласын көрип, муғаллимшилик кәсипти дурыс таңлағанына қатты қуўанды. Оқыўшылар жапырласып, өзлериниң жаңалықларын айтып атыр. Әжапасы қайсысын тыңларын билмей, ҳәммесиниң бетине күлип қарап тур! Тәнепистиң питип қалыўына да азғантай минут қалды.
– Қәне, келиң, бәримиз сүўретке түсемиз, – деди Дүрдана. Оқыўшылар оның қасына турыўға таласып атыр. Сол ўақытта ишке қоңыраў урылды. Оқыўшылар оны жибергиси келмей атыр. Ал Әзийза болса:
– Әжапа, мен сизди жақсылап ийискелеп алайыншы! Сизиң үстиңизден мамамның духинының ийиси шығады, – деди.
Дүрдананың жүреги елжиреп кетти. «Бийшара қыз! Анасын сағынып жүр екен-дә!..» деген пикир мийине сап ете қалды. Оқыўшылардың барлығы сабаққа кирип кеткен соң, мектеп ҳәўлиси тым-тырыс болып қалды.
Усы мектепте жүрегиниң бир бөлеги қалып баратырғандай, Дүрдана аяғын зорға сүйреп басып, бәндиргиге қарай жылыслады.

Гүлайым ҚУЎАНЫШБАЕВА.