ҲӘКИМ КУБОГИ ИЙЕЛЕРИН ТАПТЫ

Жақында Төрткүл районы спорт мектебинде Каратэ бойынша Ҳәким кубоги ушын спорт жарысы болып өтти. Жарысқа Қарақалпақстан Республикасының районларынан ҳәм Хорезм ўәлаятынан 5 жастан 13 жасқа шекем болған ул ҳәм қыз балалар қатнасты. 12 команда да 200 ден зыят спортшылар өз-ара қызғын беллести.
Жарыс соңында командалық есапта 1-орынды Үргениш қаласы “Сулайман” командасы, 2-орынды Қарақалпақстан Республикасы Каратэ миллий Федерациясы командасы ҳәм 3-орынды Төрткүл районы ҳәм Беруний районы спорт мектеби командалары қолға киргизди.
Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Жасурбек Раимов,
Төрткүл районы спорт мектеби.