Дамир Дилмуратов: Математиканың қызықлы әлемин көре алыў керек

– Сәўбетимиз басында Сизди математика пәни бойынша Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы II Халықаралық олимпиададағы ерискен табысыңыз бенен қутлықлаймыз. Ондағы қатнасыўыңыз ҳаққында айтып берсеңиз.
– Рахмет, бул жетискенлик әлбетте, барлық устазларымыз бенен университет жәмәәтин қуўанышқа бөледи. Өйткени, бул олимпиадада қоңсылас республикалардан ҳәм елимиздеги 40 аслам жоқары оқыў орынларынан 200 ден артық студентлер қатнасты. Оның жуўмағында Бердақ атындағы ҚМУ студент-жаслары командалық есапта да сыйлы 1-орынды ийеледи. Беллесиўлерде бизлерге 4 саат ўақыт ишинде алгебра, математикалық анализ, аналитикалық геометрия ҳәм санлар теориясынан 5 есапты шешиў тапсырмасы берилди. Есаплардың дәрежеси орташа болып, тек оның шәртлериниң инглис тилинде болғанлығы, толық түсинип, ана тилимдеги сықлы дәл жуўабын жазыўымда азы-кем қыйыншылық туўдырды. Бирақ, солай болса да, жуўмақта мен ҳәм Сункат Максатов алтын медаль жеңимпазы болдық.
– Математика – барлық пәнлердиң атасы. Өйткени, әтирапымыздағы барлық нәрсе ҳәм қубылыслар санлар менен өлшенип, есап-китаплардан турады – деп түсиндирер еди мектептеги устазымыз. Ал, жоқары оқыў орны студенти болғанымыздан соң барлық илимниң тийкарында философия ҳәм оның методологиясы турады деп үйрендик. Бул пикирлерге сиз қалай қарайсыз?
– Дурыс, математика ҳәмме пәнниң тийкары болып есапланады. Солай болса да, математикада ашылған жаңалық туўрыдан-туўры жаңалық бола алмайды, ол басқа илимлер менен интеграция болғаннан кейин инсаниятқа өзиниң пайдасын тийгизетуғын жаңалыққа айналады. Бүгин математика илиминиң алдында да шешилмей турған мәселелер көп. Мәселен, егер теоремасы шешилсе онкологиялық кеселликтиң де даўасы табылады ямаса инсаниятқа апат келтириўши цунамидиң қашан көтерилип, қашан қайтатуғынлығын да анықлаў имканияты болады.
– Математиканың қызықлы әлемине алып кирген устазларыңыз ҳаққында да айтып өтсеңиз?
– Мектеп дәўиримде устазым Қаншайым Жаңабаева менде бул пәнге деген айрықша қызығыўшылықты оятты. Соңынан Академиялық лицейде оқыў дәўиримде устазым Мирсаид Худайбергеновтан математика сырларын қунт пенен үйрендим. Ал, ҳәзирги ўақытта университетте қәбилетли студентлерден ибарат команда дүзилген болып, онда Амир Алаўатинов, Камал Садыков ҳәм Жумабек Сейфуллаевлардың устазлығында халықаралық олимпиадаларға қатнасыў ушын таярлықлар алып бармақтамыз.
– Бул қурамалы пән неси менен өзине тартады?
– Өзиңиз айтқаныңыздай қурамалылығы менен мени өзине тартады. Қыйын есаптың аңсат ҳәм түсиникли шешилиў жолын излейсең. Математика менен шуғылланыў мен ушын заўықлы. Оның ишиндеги қызықлы әлемди көре алған адам ғана математикаға қызығады. Мектеп дәўиринде элементар математика менен шуғылланған болсақ, университетте жоқары математикаға кириў басқышындамыз.
– 2019-жылы Қубла Африканың Дурбан қаласында өткерилген математика пәни бойынша халықаралық олимпиададағы қатнасыўыңыз ҳаққында айтып өтсеңиз?
– 2019-жыл 19-май күни Самарқанд қаласында «SAIMC-2019» олимпиадасына 2 түрли жас категориясында яғный 6-8-класс ҳәм 9-11-класс оқыўшылары арасында таңлап алыў басқышлары өткерилип, оның нәтийжесинде жәми 8 оқыўшы, сол қатары мен де Өзбекстан сайланды командасы қурамына қабыл етилдим. Еки ҳәпте даўамында Бухара қаласында Шухрат Исмоилов, Умид Рахмонов ҳәм Сардар Базарбаев сыяқлы күшли математиклер қол астында таярлықлар алып бардық. 2019-жыл август айында Қубла Африканың Дурбан қаласында өткерилген халықаралық математика олимпиадасында (SAIMC-2019) қатнастық. Онда дүньяның 40 тан аслам мәмлекетлеринен 600 ден артық оқыўшылар қатнасты. Элементар математикада жәми 15 есап берилип, оның жуўмағында 3-орынды ийелеп, бронза медалы менен сыйлықландым. Усы сыяқлы халықаралық олимпиадалардағы қатнасыў жас математиклер ушын пикирлесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў имканиятын бергенлиги менен де әҳмийетли болып есапланады.
– Алдағы режелериңиз қандай? Илим жолын қуўып математикада жаңалық ашыў нийетиңиз барма?
– Әлбетте, қуда қәлесе магистратурада билим алып, математикалық анализ бағдарында илимий изленислер алып барыў нийетиндемен. Сондай-ақ, математика илиминде еле шешилмеген теңлемелер бар болып, оны жаңа метод ҳәм таза теоремалар арқалы шешиўди, әпиўайы тилде айтатуғын болсам, ҳәр түрли жоллар менен шығарылатуғын қурамалы есаптың ең аңсат, қысқа ҳәм түсиникли жолын ямаса методын табыў үстинде излениўди қәлеймен. Бунда әлбетте, университеттеги устазларымыздың жол-жобасына сүйенемен. Және де инглис тили менен биргеликте информациялық технологиялар тараўын (IT) да тереңнен үйренбектемен. Келешекте математикадағы билимлеримди қолланып, жаңа бағдарламалар үстинде де жумыс алып барыўды да өз алдыма мақсет етип қойғанман.
Зиялылар шаңарағында камалға келген, илим ийелеўге жаны қумар, пикирлери өткир, айтқан сөзи дәл, анық болған Дамирдиң келешекте жетик математик алым болып жетилисип, халықаралық майданда шымбайлы математик илимпаз сыпатында даңқ таратыўына исенимимиз кәмил. Усындай билимли жасларымыз көбейе берсин.

Сәўбетлескен:
Айнура УТЕНИЯЗОВА,
«Шымбай ҳаўазы» газетасының редакторы