«АЛТЫН ЖАҒЫС»ЛЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР

Пайтахтымыздағы “Алтын жағыс” мәкан пуқаралар жыйынында 5 балалар майданшасы, медициналық орай, микро орай сыяқлы турмыслық объектлер бой тикледи.
Әйне пайытта мәкан пуқаралар жыйынында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында да көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәҳәллениң көпшилик бөлеги жас шаңарақлардан ибарат, – дейди Ҳаял-кызлар белсендиси С.Жуманазарова. – Аймақ халқы 4245 пуқараны қурайды. Соннан 1970 си ҳаял-қызлардан ибарат болып, оныӊ 171и «Ҳаял-қызлар дәптери»не дизимге алынған. Биз биринши гезекте усы категориядағы ҳаял-қызларды кәсипке бағдарлаўға итибар қаратқанбыз. Мысалы, өткен дәўирде 40 тан аслам ҳаял-қызлар кәсипке оқытылды. Нәтийже де жаман емес. Солардан А.Ибрагимова ҳәм Д.Гүлимбетованы атап өтиўимизге болады. Олардан бири субсидия есабынан балалар массажына арналған әсбап-үскенелер сатып алып өз исбилерменлигин баслаған болса, екиншиси тигиўшилик әспаб-үскенелерин сатып алып, өзи менен бирге басқа да жумыссыз ҳаял-кызлардыӊ бәнтлигин тәмийинледи. Усы орында мәҳәлледе өзин-өзи бәнт етиў бағдарында жыл басынан жәми 15 ҳаял-қызға субсидия ажыратылғанын атап өтиў орынлы.
Сондай-ақ, өткен дәўирде мәҳәлледеги 89 ҳаял-қызларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылып, олардыӊ барлығы өз исбилерменлигин баслады. Мине, солардыӊ бири он бармағы өнерли И.Ханназарова. Ол 33 миллион жеӊиллетилген кредит есабынан керекли үскенелерди сатып алып, өзи менен бирге 5 ҳаял-қыздыӊ бәнтлигин тәмийинледи. Әҳмийетлиси, шебер қоллардан шықкан өнимлер өз базарын таппақта. Мәҳәлле шеӊбериндеги усы сыяқлы өзгерислерди еле де даўам еттириўимиз мүмкин.
Мәкан пуқаралар жыйынында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлар турақлы түрде қоллап-қуўатланып келинбекте. Усы жылдыӊ он айы даўамында аймақтағы 51 ҳаял-қызға 67 миллионнан аслам материаллық жәрдемлер көрсетилгени пикиримизди айқын дәлиллейди.
Мәҳәлледе ислеймен, өзимди көрсетемен, қосымша дәрамат табаман, деген ҳаял-қызларға барлық имканиятлар жаратылған. Неге дегенде, бизиӊ елимиз аналары, ҳаял-қызлары жоқары қәдирленген журт.

Муслима
Жиенбаева,
ҚМУдың 3-курс студенти.