ҲАЯЛ–ҚЫЗЛАР БӘРҚУЛЛА ИЗЗЕТТЕ

Гендер теңлиги ҳәм жынысый теңлик, анығырағы, еркеклер ҳәм ҳаяллар ортасындағы теңлик – бул шаңарақта ҳәм жәмийетте еркеклер ҳәм ҳаяллар ортасындағы тең ҳуқықларға ерисиўди нәзерде тутатуғын түсиник ҳәм басқа нызамлы мүнәсибетлер. Айырым изертлеўшилердиң пикиринше, гендер теңлиги – бул патриархал системадан кейинги социал-жынысый мүнәсибетлердиң кейинги басқышы болып есапланады. Гендер теңлиги принципи инсанның шахс сыпатында пайда болыўына тосық болатуғын барлық социал тосықларды үйрениў ҳәм жоқ етиў, сондай-ақ, өмирдиң барлық тараўларында еркеклер ҳәм ҳаяллар шахсын аңлаў ушын тең социал имканиятларды жаратыўдан ибарат.
Өзбекстан гендер теңлиги көрсеткиши дизиминде 2019-жылдан баслап қатнасыўды баслады. 2019-жыл жағдайы бойынша Өзбекстанның гендер теңлиги көрсеткиши дизимдеги 189 мәмлекет ишинде 62-орынды ийеледи. Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсантаныў фонды экспертлериниң пикиринше, Өзбекстандағы ҳәр 100 000 ден 29 ҳаял гендер теңсизлик себепли дүньядан өтиўи ҳәм 15-19 жастағы ҳәр бир өспирим қыз ушын туўыў көрсеткиши 23,8 ди қурайды.
Өзбекстанда 2019-жыл Өзбекстан Республикасы “Ҳаял-қызлар ҳәм еркеклер ушын тең ҳуқуқ ҳәм де имканиятлар кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилген.
Өзбекстанда Гендер теңлик бойынша Комиссия 2019-жылдан баслап жумыс алып барады. Олий Мәжлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссияның баслығы есапланады.
Елимизде биз ҳаял-қызларға мәмлекет дәрежесинде ҳүрмет көрсетилип киятыр. Олардың билим алып, жәмийетте өз исимизди даўам еттириў ушын соншелли итибар қаратылған. Сондай қызлардың биримен деп мақтана аламан. Жақсы билим алып, өз орнымды таўып ислеп атырман. Шаңарағым менен жумысымды бирлестирип, халқыма мийнет етиўден шаршамайман.

Сарбиназ Муратбаева,
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Педагог кадрлар потенциалын арттырыў секторы методисти.