Ҳәзир елимиз тез пәт пенен раўажланып атыр. Жаслардың қызығыўшылығы, излениўшилиги ҳәм илим-билимге умтылыўшылығы мени қатты қуўандырады.
Адам болған жерде ҳәр қыйлы ҳәдийселер болады. Ҳәр кимниң тәшўиши өзине жеткиликли. Мениң пикиримше тәшўишлердиң ишиндеги ең тийкарғысы – ата-ананың бала денсаўлығы ушын шеккен тәшўиши деп есаплайман.
Денсаўлық мәселеси бойынша да жасларымыздың билимли ҳәм озық технологияларды үйрениў ушын жүдә көп изленип атырғанлығын көрип көз қуўанады.
Пайтахтымыздағы Педагогикалық институттың дефектология ҳәм логопедия тәлим бағдары бойынша төртинши басқышта билим алып атырған Алина Сәрсенбаева усындай излениўши жаслардың бири. Ол қыз қашан көрсең қолында тараўы бойынша китабы, қасында ноутбук пенен қағаз-қәлемин алып, бир нәрселер ислеп жүргени. Оның жанына барып, бир сораў берсең, өзи изертлеп атырған тараў бойынша бир қанша түсиникке ийе боласаң.
Мен жақында оннан:
– Сөйлей алмайтуғын балалар не себептен ондай болады екен? Оларды пикирин еркин жеткизиўге үйретиўге бола ма? – деп сорадым.
Ол маған устазларынан үйренгенлери ҳәм илимий китаплардан оқығанлары бойынша түсиник берди.
– Баланың тутлығып сөйлеўине ямаса улыўма сөйлей алмай қалыўына көп жағдайларда қоршаған орталығы, айырым жағдайларда ата-анасы себепши болады. Көбинесе, аналардың ҳәмиледарлық ўақтындағы жағдайы балаға тиккелей тәсир етеди. Егер ана көбинесе дем алыссыз ҳәм шаршап, ямаса руўхый жақтан қыйналып жүрген болса бул жағдайлар балаға тәсир етпей қоймайды.
Ал, бала анасының ишинде қәлипли жағдайда раўажланып, жетилиссе де, қоршаған орталықтың тәсиринен сөйлей алмай қалыўы мүмкин. Бир мысал келтирип өтейин:
Төрт жасар бала үйинде әжағаларының қасында ойнап жүреди. Әжағасы терең етип ҳәжетхана қазып атыр екен. Ол қасындағы үкесин услап алып: «Сени мына шуңқырға таслап жиберейин бе?» деп ҳәзиллеседи. Иши қараңғы ҳәм терең шуңқырды көрип, қорқып кеткен бала соннан баслап сөйлей алмай қалады. Енди әжағасын көрсе, қорқып қашатуғын болып қалады. Нәтийжеде, бала мектеп жасына барғанша сөйлеў дегенди пүткиллей умытып қояды.
Және бир мысал:
Музыкадан сабақ беретуған келиншек ҳәмиледар пайытында да қатты ҳаўазлы сеслердиң арасында жүре береди. Оқыўшыларды эстрада бойынша үйретип, «тәбийий даўысларыңыз мына музыка сестин баса алатуғындай дәрежеге жетсе, сизлер ҳақыйқый туўма талантлы қосықшы боласызлар» деген қағыйданы басшылыққа алып, оқыўшыларына амплитуданы жоқары герцке салып, диапазонды кеңейтип айтыўға үйретеди.
Ал, өзи ўақты-сааты жетип босанғанда қараса, баласы сөйлемейтуғын ҳәм еситпейтуғын болып туўылады. Иштеги раўажланып атырған балаға сыртқы факторлар бундай дәрежеде тәсир ететуғынлығын көпшилик жас аналар биле бермеўи мүмкин. Ең әпиўайысы, қыс күнлеринде айырым ҳәмиледар келиншеклердиң пальтосы қарнына жетпей, ашық жүреди. Анасы тоңбағаны менен иштеги баланың нерв тамырлары аязлап, бала майып болып туўылыўы мүмкин.
«Неге ҳәзир майып балалар көбейип кетти?» деген сораў туўылыўы мүмкин. Мениң ойымша: бурынғы әжелеримиз кең кийим кийгени ҳәм тәбийий таза аўқат жегени ушын физикалық жақтан күшли болған. Соның ушын олардың денсаўлығы жақсы, сүйеклери беккем ҳәм мийнеткеш болған – деп ойлайман.
Ал, енди тийкарғы темамызға қайтсақ, ҳәзир тилинде дефекти бар балалар менен көбирек жумыс алып барып атырмыз. Оларды тынышландырып, жеңил буўынларды, сөзлерди айтқызып, үйретемиз. Тутлығып сөйлейтуғын балалардың арасында белгили бир сести айтыўға қыйналатуғынлары да бар. Мысалы: «Қ», «Т» сеси сөздиң басында келсе, бала бирден сөйлеп кете алмай қыйналып, қысынып қалады. Егер бул сеслер сөздиң ортаңғы буўынында келсе, бала сол сести қалдырып кетип айтыўы мүмкин.
Тәбият нызамлықларына итибар берсек, бундай бир жеринде дефекти бар балалардың басқа балаларға салыстырғанда бир қәбилети артықша болыўы мүмкин. Ата-анасы, ямаса устазы баладағы усындай артықмашылықты байқап қалса, оны раўажландырыўға ҳәрекет етиўи керек. Сонда бала өзин басқалардан кем санамай, қысынбай еркин өседи. Баланы хошаметлеў арқалы оның руўхын көтеремиз. Руўхы күшли адам ҳәр қандай қыйыншылықты жеңип шыға алады. Қоршаған орталығының қоллаўы менен ҳәм дефектологлардың жәрдеми менен (тилине массаж етиў, тилин шынықтырыў сабақлары, ҳ.т.б) бала еркин сөйлей алыў дәрежесине ериседи. Бизлер бирге оқыйтуғын досларымыз бенен усы тараўды жетилистириў ҳәм тили аўыр балаларға жәрдем бериў мақсетинде бир проектти қолға алғанбыз. Қуда қәлесе, диплом жумысымызда усы теманы толық изертлеп, тилинде тутлықпайы бар балаларға жәрдем беремиз, деп ойлайман.
– Рахмет, Алина, баҳалы пикирлериңиз ушын. Бул дефектология тараўы бизиң елимизде кеш раўажланып атырған тараў болып есапланады. Усы тараўға қызығып, оны раўажландырыўға ҳәрекет етип атырғаныңыз ушын сизге алғысымыз шексиз.
Сәўбетти жазып алған:
Гүлайым Қуўанышбаева.
