СИЗДИ, БИЗДИ ЖАҚЫНЛАРЫМЫЗ КҮТПЕКТЕ!

“Бәле-қәде қайда жоқ-бассаң аяқ астында” дегендей ҳәр қыйлы апатлардан Алланың өзи сақласын деймиз. Сонда да бир гәпти және айтып кетпекшимиз, Алла да “сақлансаң-сақларман” деген. Соңғы ўақытларда турмысымыз пәраўан, жолларымыз айдынласып, халықтың жасаў тәризи барған сайын жоқарылап бармақта. Соның бир мысалы автотранспорт қураллары көбеймекте. Бул бир тәрепинен қуўанышлы, әлбетте. Бәршемизге белгили мәмлекетимиз жолларында алысымызды жақын етип атырған автомашиналардың күннен-күнге көбейип баратырған бир ўақытта, баратуғын мәнзилимизге аман-есен, кеўилсиз ҳәдийселерсиз жетип барыўымыз ушын, ең әўели ҳәр биримиз мәдениятлы ҳәрекет етиўимиз зәрүр. Бул, бәринен бурын өзимиздиң аманлығымызды, қалаберди өзгелердиң де саламатлығын асыраў деген сөз. Бизлер машина басқарыўшысы болайық, пияда болайық, ҳәммемиз жол ҳәрекети қатнасыўшысы болып есапланамыз. Соның ушын ҳәр биримиз жолларда өз ўазыйпаларымызды терең сезинип ҳәм оған жуўапкершиликли түрде әмел етсек, қәўип-қәтерден жырақ боламыз.
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жәмийетлик қәўипсизлик хызмети жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен пайтахтымыз Нөкис қаласында пиядалар қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм нызам бузылыў жағдайларын үйрениў бойынша рейд шөлкемлестирилди. Рейд ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм тараў хызметкерлери менен биргеликте өткерилди. Бундағы баслы мақсет-пиядалар қатнасыўындағы жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда үгит-нәсият жумысларын алып барыўдан ибарат болды.
Терең таллаўларға қарағанымызда, 2023-жылдың он айы даўамында республикамызда пиядалар қатнасында 141 жол-транспорт ҳәдийселери жүз берген болса, соннан тек бир ғана октябрь айында 33 жол-транспорт ҳәдийсеси болған. Буннан пиядалардың елеге шекем жоллардан кесип өтиўде ҳәрекет қәўипсизлигине әмел етпей ҳәрекетленип атырғанлығы айқын сезилмекте. Әсиресе, пиядалар тәрепинен автотранспорт қатнаўы ушын мөлшерленген жолларда мәс ҳалында жүриўлери, жас өспирим балалардың көшелерде ойнаўы, пиядалар өтиў кесиспелеринде ҳәм өтиў белгиленбеген жерден кесип өтиўде ҳәрекетлениў қәўипсизлиги қағыйдаларын қопал түрде бузып атырғанлығының гүўасы боламыз.
Жол-транспорт ҳәдийселерин анализлеп қарағанымызда усы жылдың 10 айы даўамында республикамызда пиядалар менен байланыслы 141 жол-транспорт ҳәдийсеси нәтийжесинде 18 пуқара өмирден биймезгил көз жумды. 131 пуқара түрли дәрежеде тән жарақатын алып, биразы майып болып қалды. Бул көрсеткишлер пиядалардың тек арасында жүз бергени. Ал жәми, республикамыз бойынша 367 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берип, соннан 70 пуқара набыт болған. Бундай “қара сан” ларды көплеп келтире бериўимиз мүмкин… оннан не мәп?!
Рейд барысында жол ҳәрекети басқармасы хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери үш топарға бөлинип, 1-топар Нөкис “Орайлық Дийқан базар”ы алды, 2-топар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети әтирапы, 3-топар болса гөне қала аймағы, жоқары оқыў орынлары имаратлары жайласқан П.Сейтов атындағы көше бойында пиядалар қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барды. Усындай үгит-нәсият жумыслары алып барылып атырғанлығына қарамастан, видео-камералар, фотоаппаратлар менен рейд илажлары сүўретке түсирилип атырған бир пайытта яғный, жол ҳәрекети қағыйдасын бузған пуқараның тараў хызметкери тәрепинен иркилип, сөйлесип атырғанын көрсе де, жолдың белгиленбеген кесиспесинен және арқайын өтип киятырған бир неше пуқара анықланды. Буған не деўге болады? Пиядалардың бул ҳәрекети бийпәрўалық па ямаса саўатсызлық па яки өркөкиреклик пе? Өзиңиз айырып ала бериң!
Рейд даўамында пиядалар тәрепинен жолдың белгиленбеген орынларынан өмирлерин қәўипке қойып, кесип өткен қағыйдабузар пуқаралар тоқтатылды. Солай етип, Нөкис “Орайлық Дийқан базар” алдында (пиядалар ушын арнаўлы салынған өтиў көпири бола турып) 13 пуқара, ҚМУ әтирапында 7 пуқара, гөне қаладағы П.Сейтов атындағы көшесинде 11 пуқараға жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик баянламалар дүзилди. Буннан басқа да қанша пиядаларға аўызша ескертиўлер берилди. Бул рейд даўамында, бир сааттың ишинде болған ўақыя.
Ал, басқа орынлардан яғный, жол ҳәрекети басқармасы хызметкерлери жоқ жерлерден өз билдигинше қағыйда бузыўшыларды бир көз алдыңызға елеслетип көриң?!
Ҳүрметли пуқаралар! Ҳәммеңиздиң де жол ҳәрекети белгилерин көрип, танып алыўларыңызға билимиңиз жетерли деп ойлаймыз. Сонда да билип-билмей қағыйданы буза бермейик. Өзимиздиң өмиримиз әўели өзимизге ҳәм жақынларымызға керек. Өзгелердиң өмири де солай. Биз ойланып, жуўапкершиликти сезинип, ҳәрекет жасасақ бахытсыз ҳәдийселердиң алдын алған боламыз.
Сизди, бизди үйимизде жақынларымыз күтпекте!
Шүкирбай
Сийпатдинов,
Журналист.
Сүўретлерде: рейд илажларынан көринислер.