УНАМЛЫ НӘТИЙЖЕЛЕРГЕ ЕРИСИЛМЕКТЕ

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы – ҳуқық үстемлигин сақлаў ҳәм беккемлеў, ҳуқықбузарлықларды анықлаў, оларды жоқ етиў ҳәм басқа ис-илажлар системасы түсиниледи.
Кейинги жылларда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳам жынаятшылыққа қарсы гуресиў бағдарында комплекс ис-илажлар әмелге асырылып, мәмлекетте ҳуқық үстемлигин тәмийинлеўде унамлы нәтийжелерге ҳәмде криминоген жағдайды сезилерли дәрежеде жақсылаўға ерисилди.
Бирақ мәмлекетлик уйымлар көпшилик жағдайларда ҳуқықбузарлықлар профилактикасы тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларынын ўазыйпасы сыпатында баҳаланып, ақыбетте усы бағдарға лазым дәрежеде итибар қаратпағанлығы, ҳуқықбузарлықлардың системалы түрде болғанлығы себепли ҳәм шараятларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша ис-илажларды ислеп шығыў өнимдарлығы кутилген нәтийжелерди бермей атырғанлығы себепли ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша жумысларды муўапықластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў, нызам бузылыўлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўдың заманагөй шөлкемлестириў-ҳуқықый механизмлерин әмелиятқа енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 14 март күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын жәнеде жеделлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилип, оған көре:
– ҳуқықбузарлықлардың өнимли профилактикасын әмелге асырыў мәмлекетлик уйымлары, сол қатардан ҳуқық қорғаў, жергиликли мәмлекетлик уйымлар, басқа мәмлекетлик шөлкемлер, сондай-ақ ҳожалық басқарыў уйымларының баслы ўазыйпасы ҳәм олардың тийкарғы жөнелислери белгилеп берилди;
– ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша республика уйымларара комиссия шөлкемлестирилди;
– ҳәптениң ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» етип белгиленди.
Буннан тысқары ҳалықтың ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятын асырыўға байланыслы жумыслар өнимдарлығын жәнеде жеделлестириў, пуқаралардың сиясий-социаллық өзгерислер менен биргеликте ҳуқықый билимлерин асырып барыўдың заманагөй усылларын енгизиў, сондай-ақ, ҳалықтың, әсиресе жаслардың зыянлы мағлыўматлардан қорғаў бойынша беккем ҳуқықый иммунитетин пайда етиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-январь күни «Жәмийетте ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты асырыў системасын түптен жеделлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, оған көре «Жоқары ҳуқықый мәденият – мәмлекет раўажланыўының кепили» деген уран астында «Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты асырыў» Концепциясы тастыйықланды.
Усы орында ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиўдиң ең сыналған усылы ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәденият түсинигине тоқталып өтиў орынлы деп есаплайман;
ҳуқықый сана – пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамшылыққа байланыслы көз-қарасы, олардың сезимлери, әмелий тәжирийбелер нәтийжесинде пайда болған ҳуқыққа қатнасықларын көрсетеди;
ҳуқықый мәденият – пуқаралардың мәмлекет ҳәм ҳуқық ҳаққындағы ең әҳмийетли ҳәм лазым дәрежедеги билимлерди ийелеп алыўы, әмелдеги норматив-ҳуқықый ҳужжетлер ҳаққындағы түсиниклерди анализ етиў уқыбы ҳәм олардан туўры пайдаланыў қәбилети түсиниледи.
И.АЛЕУАТДИНОВ,
Кегейли районы, Әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юрисконсулты.