ЖАҢА КОНСТИТУЦИЯДА – ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ ҚОРҒАЛЫЎЫ

Бәршемизге белгили, усы жылдың 30-апрель күни улыўмахалықлық референдум тийкарында Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы қабыл етилди.
Жаңаланған Конституцияның әҳмийетли тәреплеринен бири – әдил судлаўға ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплер, егер, суд арқалы қорғаўдың басқа барлық қуралларынан пайдаланып болған болса, судта көрип шығылыўы тамамланған белгили бир исте суд тәрепинен өзине байланыслы қолланылған нызамның Конституцияға муўапықлығы ҳаққындағы шағым менен Өзбекстан Республикасы Конституциялық судына мүрәжат етиўге ҳақылы екенлиги ҳаққындағы Конституциялық норманың беккемленгени болып есапланады.
Сондай-ақ, жаңаланған Конституцияда инсан ҳуқықлары ҳәм оларды қорғаў бойынша да бир қатар нормалар киргизилди.
Атап айтқанда, Конституцияның 15-статьясында Өзбекстан Республикасы Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе болып, тиккелей әмел етиўи ҳәм ол бирден-бир ҳуқықый мәканның тийкарын қурайтуғынлығы, 20-статьясында инсан менен мәмлекетлик уйымлардың өз-ара қатнасықларында жүзеге келетуғын нызамшылықтағы барлық қарама-қарсылықлар ҳәм түсинбеўшиликлер инсан пайдасына хызмет етиўи, 28-статьясында айыпкерлик пенен байланыслы барлық гүманлар, егер, оларды сапластырыў имканиятлары тамамланған болса, гүманланыўшының, айыпланыўшының яки судланыўшының пайдасына шешилиўи кереклиги, ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге мәжбүр емеслиги, егер, шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы жалғыз дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы яки жазаға тартылыўы мүмкин емеслиги, шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емеслиги көрсетип өтилген. Сондай-ақ, 55-статьяда ҳәр бир адам Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларға муўапық, егер, мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға байланыслы барлық ишки қуралларынан пайдаланып болған болса, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халықаралық шөлкемлерге мүрәжат етиўге ҳақылы екенлиги, 98-статьясында Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳуқықына ийе болған жүз мыңнан аз болмаған пуқаралары нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиўге ҳақылы екенлиги ҳаққындағы нормалардың жаңа Конституцияға киргизилгенлиги, әлбетте, мәмлекетте инсан ҳуқықларының қорғалыўына болған итибардан дәрек береди.
Өзбекстан Республикасының «Судлар ҳаққында»ғы Нызамының 4-статьясына муўапық, судтың тийкарғы ўазыйпалары пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа нызамлары, халықаралық шәртнамаларында, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық ҳүжжетлерде кепилленген ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәмлекет ҳәм жәмийет мәплерин, юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлердиң ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаўдан ибарат, судтың иси нызам үстинлигин, социаллық әдилликти, пуқаралардың тынышлығы ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге қаратылған деп қатаң белгилеп өтилген.
Усылар менен бир қатарда, жаңа Конституцияда судьялар еркинлиги ҳәм кепилликлерине айрықша итибар берилген. Атап айтқанда, судьялар тек ғана нызамға емес, ал, Конституцияға бойсыныўы тиккелей белгиленгенлиги, суд ҳәкимиятының бийғәрез жумыс алып барыўы – бул демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетти қурыў, инсан ҳуқықларының қорғалыўы ушын хызмет ететуғынын көрсетеди.
Пурсаттан пайдаланып, республикамыздың барлық халқын 8-декабрь-Өзбекстан Республикасы Конституциясының 31 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман. Елимиз бас нызамының халқымыздың абадан турмыс кешириўинде әҳмийетли орын тутатуғынлығына беккем исенемиз.
Спартак Ниязов,
Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.