Сергеклик – саламатлық тийкары

ХХ әсирде пайда болған арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусы (АИВ/ВИЧ) ҳәм арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы (АИЖС/СПИД) кеселлиги пүткил дүньяны елеге шекем ләрзеге салып келмекте. Əсиресе, усы кеселликке қарсы дәри-дәрмақлардың жоқлығы, оны пүткиллей емлеўдиң илажы болмай атырғанлығы тәшўишли машқалаға айланып бармақта. Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусына шалынғанлығы Өзбекстанда биринши мәрте 1987-жылы, ал Қарақалпақстан Республикасында болса АИВ инфекциясы менен зыянланған шахс биринши мәрте 2003-жылы дизимге алынған.
АИЖС — бул адамның кеселленгенлигин билдиреди. Арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги синдромы инфекциялық процесстиң соңғы басқышы болып, бунда организм инфекцияларға қарсы гүресиўден пүткиллей тоқтайды.
Бүгинги күнде республикамызда бул қәўипли кеселликке қарсы гүресиў бойынша Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы жумыс алып бармақта. Ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген қарарлар тийкарында АИЖС орайы ҳәм районлардағы лабораториялар АИВ инфекциясын анықлаў ҳәм диагноз қойыўдың жоқары технологиялары менен тәмийинленди.
Орайда келешекке үмит оятатуғын исеним, досласыў ҳәм аноним ханалары ислеп тур. Дурыс, бул ханалар бир қарағанда бир-биринен парқы жоқтай болып түйилиўи мүмкин. Бирақ, ҳәр қайсысының өзиниң белгиленген жумыс режеси бар. Исеним бөлмесинде қәўипли топарға кириўшилер, яғный нәшебентлик затларды инъекция түринде қабыллаўшыларға тесттен алдыңғы ҳәм тесттен кейинги мәсләҳәтлер бериледи. Оларға бир мәртебе қолланылатуғын шприцлер менен бирге қорғаныў қураллары ҳәм буклетлер бийпул бериледи. Олар бул бөлмеде нарколог ҳәм терапевт қабыллаўында болады.
Егер сизде ямаса шаңарақ ағзаларыңызда АИВ инфекциясы жуққан болыўы мүмкин деген гүман пайда болса, Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайына келип, лаборатория тексериўинен өтиўиңиз мүмкин. Орайға мүрәжат еткен шахслардың аты-жөни сыр сақланып, қәлеўи менен ҳәм бийпул лаборатория тексериўлеринен өтиўи ушын барлық шараятлар жаратылған.
Ҳеш ким АИВ, АИЖС ҳәм жынысый жоллар арқалы жуғатуғын инфекциялар менен кеселленбеўден кепилленбеген. Солай екен, өзиңизди өзиңиз асыраң, саламатлығыңыз өз қолыңызда. Ең баслысы, ҳеш бир пуқараға ҳеш қашан АИВ жуқпасын. Бизлер саламат турмыс тәризи ҳаққында еле де көбирек мағлыўматлар бериўден жалықпаймыз.

Гүлжахан ҚАЛИМБЕТОВА,
Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы поликлиника бөлими инфекционист шыпакери.
Эльмира ГYЛИМБЕТОВА,
Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайы аноним ханасы шыпакери.