Дизентерия — жуқпалы кеселликлер қатарына кирип, адам организмине ҳәр қыйлы микроблар түсиўи нәтийжесинде пайда болады. Дизентерия микроблары жүдә шыдамлы келеди. Олар топырақта 3-4 ай, суўда 5-10 күнге шекем сақланыўы мүмкин. Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлеринде узақ жасап, ҳәтте көбейе баслайды. Дизентерия микробларының сыртқы орталықта узақ ўақыт жасаўы нәтийжесинде бул кеселлик тарқалыўы мүмкин. Сондай-ақ, бул кеселликтиң тарқалыўына сыртқы орталықтың патас, санитариялық жағдайдың жеткиликсиз, канализацияның жоқлығы, жеке қағыйдалардың орынланбаўы себеп болады. Дизентерия кеселигиниң жеңил, жасырын ҳәм хроник түрлери бар. Кеселленген адам ҳәмде микроб тасыўшылар әтираптағылар ушын қәўип туўдырады.
Бул кеселликтиң алдын алыў ушын ҳәр биримиз тазалыққа итибар бериўимиз керек. Тазалық бар жерде дизентерия микроблары болмайды. Яғный шығындыларды арнаўлы орынларға таслаў ҳәм бул орынларды ўақты-ўақты менен дизенфекциялап турыў керек.
Дизентерияға қарсы гүресиўде халықтың санитариялық, медициналық мәденияты үлкен әҳмийетге ийе. Шаңарақта усы кеселлик пенен наўқасланған адам болса, ол бәрҳама жеке гигиенасина итибар бериўи керек. Наўқастың күнделикли пайдаланатуғын затлары (ыдыс-табақ, көрпе-төсек, кийим-кеншек) өз алдына болыўы ҳәм таза сақланыўы лазым.
Гүлназ Қусекееова,
У.Халмуратов атындағы Көп тармақлы емлеў орайы бөлими мийирбийкеси.
