МӘЖБҮРИЙ МИЙНЕТКЕ ТАРТЫЎ ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ

Мәжбүрий мийнеттиң субекти жумыс бериўши, мәмлекетлик орган яки пуқара болыўы мүмкин. Бир нешше пуқара яки лаўазымлы шахс тиккелей өзи ямаса екинши бир шахслар арқалы мәжбүрий мийнеттиң әмелге асырыўшысы болыўы мүмкин.
Ямаса, бир нешше пуқара мәжбүрий мийнеттиң жәбирлениўшиси болыўы мүмкин. Мәжбүрий мийнеттиң жәбирлениўшиси өз ықтыярына қарсы рәўиште өзиниң хызмет ўазыйпасына кирмейтуғын яки ҳақы төленбейтуғын жумыс яки ўазыйпаларды орынлайды. Нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары, қәлеген жумыс яки хызметти орынлаўға мәжбүрлеў мәжбүрий мийнет деп баҳаланады. Жумыс бериўши хызметкерден оның мийнет ўазыйпаларына кирмейтуғын жумысларды орынлаўды, нызамға қарсы яки хызметкер ҳәм басқа шахслардың өмири ушын қәўип туўдырыўшы, олардың абырайын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетлер қылыўды талап етиўге ҳақылы емес.
Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды еле де күшейтиў, нызамшылық базасын беккемлеў мақсетинде 2019-жыл 30-июль күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы қабыл етилди. Бул Пәрман менен Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы дүзилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлерине адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша аймақлық комиссияларға, басшылық етиў ўазыйпасы жүклетилди.
Өзбекстан Республикасы нызамлары менен мәжбүрий мийнетке тартыў ҳуқыққа қайшы ис-ҳәрекет деп баҳаланады ҳәм усындай ҳәрекеттиң жол қойылыўына себепши болған айыпкер шахслар тийисли ҳуқықый жуўапкершиликке тартылады.
Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 51-статьясына бола мийнетке қандайда бир формада нызамсыз түрде мәжбүрлеў базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекем жәрийма салыныўына себеп болады.
Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 148²-статьясына тийкар мийнетке қандайда бир формада нызамсыз түрде мәжбүрлеў, буннан нызамда нәзерде тутылған жағдайдан тысқары, тап усындай қылмыс ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин исленген болса-базалық есаплаў муғдарының жүз есесинен бир жүз елиў есесине шекем жәрийма яки еки жылға шекем белгили ҳуқықтан айырыў я болмаса еки жылға шекем мийнетте дүзетиў жумыслары менен жазаланады.
И.Алеуатдинов,
Кегейли районы юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсулт.