Исбилерменниң мәпи қорғалады

“Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 21-статьясына тийкар исбилерменлик субъектлериниӊ жумысларын қоллап-қуўатлаў, ҳуқықый жәрдем бериў, мәсләҳәт бериў, ҳуқықларын хәм нызамлы мәплерин суд арқалы қорғаў, хабарлар менен тәмийинлеў саўда-санаат палатасыныӊ тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасына “Dalida” ЖШЖ мүрәжаат етип, өзиниң нызамлы мәплерин қорғап бериўди сораған. Саўда-санаат палатасы тәрепинен берилген ҳүжжетлерди үйренип шығыўы нәтийжесинде исбилерменниң жерге болған хуқықларының бузылғанлығы анықланған.
Исбилерменниң жерге болған хуқықларын тиклеў ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў мақсетинде ҳүжжетлер үйренилип, тийисли тәртипте судқа усынылды. Суд процессинде исбилерменниң жерге болған хуқықларын дәлийллер менен келтирилип, қайта тиклениўине ерисилди.

Гәўҳар
Нарымбетова,
Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жетекши юрисконсульти.