Биргеликте гүресейик

Президентимиздиӊ басламасы менен мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жоқары халықаралық сыйлықты тапсырыў мәресиминиӊ Ташкент қаласында өткерилиўи, онда сыйлықтыӊ шөлкемлестириўшиси – Қатар Әмириниӊ, БМТ ўәкиллериниӊ ҳәм 40 тан зыят мәмлекет делегациясыныӊ қатнасыўы буныӊ айқын мысалы болып табылады. Бунда Президентимиз шығып сөйлеп, коррупцияныӊ алдын алыў бойынша бир қатар баҳалы усыныслар билдирди.
Филиалымыз тәрепинен бул бағдарда бир қатар жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, ҳәр бир шерек даўамында Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша филиалда, қалалық ҳәм районлық электр тармақларында, пуқаралар жыйынларында хызметкерлер менен аймақ турғынларының қатнасыўында бир неше мәрте семинарлар өткерилди. Хызметкерлер арасында коррупцияның алдын алыў мақсетинде 222-93-08 санлы исеним телефоны орнатылған болып, оған келип түскен мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренип шығылмақта.
Контркоррупция айлығы шеңберинде халық аралық Коррупцияға қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен филиалда “Ашық есиклер күни” илажы болып ɵтти. Республикалық ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, блогерлер, кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында болып өткен илажды өткериўден мақсет – ашық-айдынлықты тәмийинлеў, коррупциялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм оларды сапластырыўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў болып табылады. Қатнасыўшыларға коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларға имкан бериўши себеплер ҳәм шараятларды анықлаў бойынша исленип атырған жумыслар туўралы кең түрде түсиник берилди.
Алдағы ўақытлары үгит-нәсият жумысларын буннан да күшейтип, бул иллетке қарсы кең жәмийетшилик пенен бирге жумыс алып барамыз.
Б. ТЕМИРХАНОВА,
“Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы Коррупцияга қарсы гүресиў ҳәм комплаенс қадағалаў бөлиминиң жетекши қәнигеси.