– Қарақалпақстанда неше Өзбекстан Қаҳарманлары бар?
– Усы күнге шекем 8 инсанға қаҳарманлық берилди.
– Қарақалпақстанда биринши емлеўхана қашан ашылған?
– 1887-жыл февральда. Төрткүл қаласында.
– Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық қашан берилип баслады?
– 2000-жыл 8-мартта.
– Усы сыйлықтың биринши лауреаты ким?
– Гүлмира Мустафаева.
– Усы күнге шекем неше қыз бул сыйлықты алды?
– 2023-жылға шекем 31 қыз сыйлықланды.
И.ҚОСНАЗАРОВ.
“Зәрүрли мағлыўматлар жыйнағы” китапшасынан алынды.
