КИТАП – АЛТЫН ҒӘЗИЙНЕ

Бизлерге ата-анамыз сабақ таярлаңлар, көркем әдебий китап оқыңлар деп ҳеш ўақыт зинҳарлап айтпайтуғын еди.
Муғаллим не айтса сол, бизлерге  хат пенен қәлем болған. Бизлерден бир адам газета-журнал, я болмаса  әдебий китап оқып атырсыз ба деп сорамайтуғын да еди. Бирақ, мектепте оқып жүрип биреўмиз бир китап таўып алып келсек, гезекке турып, таласып-тармасып сол китапты оқып шығатуғын едик.
Бир күни көп пайдаланғанлықтан  тозыўы жеткен гөне китапты оқып отырып таңғы саат 4 болғанын да билмей қалыппан. Анам қолымдағы китапты алып шыңғытып жиберди;
– Қәне жат, Сапарнияз болып кетежақсаң ба – деди ашыўланып.
Аўылымызда  қалтаға қағаз, китап, гөне журнал салып арқалап  жүретуғын, ийнинен сол қалтасы түспейтуғын руўхый наўқас ғарры  мектеп бетке келип жүретуғын еди.
Обалдағай, обалдағай деп китаптың бети, ямаса бир бет қағаз жерде түсип жатырған болса алып  маңлайына тийгизип қалтасына салады.
«Сапарнияз жилли киятыр» деп қашатуғын едик.
Адамлар оны «билим көтерген» соннан усындай болған десетуғын еди.
Муғаллим  әдебият пәнинен  тез-тезден еркин темаларда шығармалар жумысын жаздырады. Бунда тек әдебий китап оқымайтуғынлар ғана шығарма жаза алмай  гибиртиклесип,  ҳәр кимнен бир көшириўге умтылып отырғанлары көз алдыма келип атыр.
Ким көркем әдебият оқымайтуғын болса, оның пикирлеўи сайыз болып, ойлары терең, дүнья танымы кең  болмайды.
Соның ушын балаларым үлкейсе өзлерине керек болса  китапты  оқып алады, көркем әдебият оқыўға қызықпаса не қылайын деп ҳәзирден баслап ата-аналар өзлериңиз бийпарўа болып атырсызлар.
Балалар көркем шығарманы бала ўақтынан баслап қызығып оқымаса үлкейген соң онда ҳеш қандай китап оқыўға деген инта оянбайды.
Өзлеримиз китап оқыў арқалы балаларымызға  да китап оқыўды үйреттик.
Қус уяда не көрсе соны ислейди.
Енди ҳәр заманға бир заман ақлықларымыздың айырымлары көркем әдебиятты бизлердей болып дастанып оқымайтуғыны анық. Бул жасларды роботқа айландырып жиберетуғындай қорқынышлы болып тур.
Президентимиз де көп китап оқығанға «Спарк» машина саўғасын шөлкемлестирип перзентлеримиздиң  көркем әдебият оқыўға қызығыўшылығын арттырыў дәрежесин мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерип атырғаны бийкардан бийкарға емес деп ойлайман.
Журтбасшымыз әдебий китаплардан  алыслап кеткенимизден қәўетерде.
Бул бийпарўалық жақсылыққа алып келмейди.
Жақында бир таныс достым  2 этаж жайын ертектегидей етип питкерди.
Бизди үйине шақырып, ҳәмме бөлмесин асықпай  аралатып, минсизлигин көрсетип көз-көз етип, меннен мақтаў күтип қалай болыпты дегендей жүзиме қарады.
Усы үлкен жайыңның бир кишкене бөлмесин китапхана етип ислегениңде бәри гүлала гүл болар еди.
Китапхана етип не қыламан, ҳәзиргиниң баллары китап оқымайды ғо, қол телефон болса болғаны емес пе? – деди арқайын.
– Жүдә жақсы, барлық зат бар, ҳәммеси заманагөй, ҳәр бир бөлмеде қымбат гилемлер, мебельлер, посудаларын айтпайсаң ба алтын жалатып қойылғандай көзлериңниң жаўын алады.
Бөлмелерде  үлкен-үлкен диван, кресло, телевизорлар. Енди сонша үскенеленген әтияж жайдың  бир мүйешинде кишкене китаплар қойылған шкафлар, китап полкалары қойылмағаны адамды ойландырады. Китап қәдирин билмейтуғындай оқымаған адамлар емес,өзлери жоқары мағлыўматлы. Балаларының, ақлықларының, келинлериниң ҳәммесиниң қолларында қымбат телефонлар .
Олар жуўырысып  сәлемлести де және телефонға  үңилисип атыр.
Балалар бөлмесинде  де қымбат баҳалы үлкен-үлкен  ойыншық айыўлар, маймыллар,  компьютер, ноутбук,  телевизор бар, бирақ китаплар қойылатуғын бир зат, я бир көркем әдебият көргеним  жоқ.
Усылайынша кем-кем көркем әдебий китапқа қызықпай «дүнья қоңыз» болып кете берсек кейинги келешегимиз  қалай болар екен деп ынжылып атырман,заманласлар.
Перзентлеримиз  кәмил инсан болсын десеңизлер кеш қалмастан көркем әдебият оқыўын қадағалайық,  Китап алтын ғәзийне екенин умытпайық  әдиўли  халайық!!
Гүлистан Дәўлетова,
Нөкис қаласы, 32-санлы мектеп директоры.