ЖУЛДЫЗЛАР БОЛЖАЎЫ

Инсанларға ислеп атырған жақсылықларыңызды тоқтатып қойсаңыз, олар ушын сиз дүньядағы ең жаман адамдай көринесиз. Оларға жаманлық қылмасаңызда. Сондай ўақытта неге олай? деп қыйналғаныңызда мына сөзлер кеўлиңизди қәтержам әйлегей.
Қәлби гөззал, яғный таза инсан утылса да жеңиске ерисе береди. Себеби, бахытлы жасаў ушын қандай да бир ҳәдийсе жүз бериўи шәрт емес. Тек, ашыўыңды жылаўлап билиўиң, ғәзеп келип турса да жымыйып күлиўиң ҳәм кеширгиң келмеген адамыңды да кеширип билиўиң шәрт.
Солай етип, жылына бир мәрте берилип баратуғын гороскоп бойынша 2024-жыл мусылман мүшел жылы болған Балық жылында жыл ақырына шекем кимди нелер күтип турғанлығын билдиретуғын болжамды сизлердиң нәзериңизге усынамыз.

ҚОЙ (21.03–20.04) мүшелинде туўылған инсанларды 2024-жылы ҳайран қаларлық жағдайдағы ўақыяларға бай дәўир күтпекте. Сиз өзиңиз күтпеген жүдә көп ҳәдийселер болады. Көпшилиги сизиң пайдаңызға шешиледи. Жыл басында ериншек болмаң ҳәм басыңыз айланар дәрежедеги жетискенликлерге мәс болып, кәйпи-сапа сүриўге болмайды. Быйыл Қой, Ийт, Тышқан ҳәм Маймыл жылында туўылғанлар ушын жүдә жақсы жыл болады. Ал, Қой белгисинде туўылғанлардың дәраматлары мол болады. Бирақ, олар дәрамат көп екен деп, болар-болмас нәрселерге қәрежет сарыплай берсе де болмайды. Әсиресе, жулдызлар ишиўшилик, шегиўшилик, соқта ойыны усаған “азарт”ларға жақынласпаўды мәсләҳәт береди.
Муҳаббат барысында ойланыңқырап қәдем басыўыңыз шәрт. Усы жылы турмыста жоқларға өз жуптыларын табыўға ўәде етилмекте. Турмыс қурғанлар өз жубайларына сүйиспеншилик пенен ҳәрекет етиўлери лазым. Саламатлық туўралы болса нерв кеселликлери күшейиўи мүмкин. Соның ушын профилактикалық даўаланыўларды баслай бериң. Денеге жарақат алыўыңыз да мүмкин. Бул әсиресе, спорт пенен күнделикли түрде шуғылланыўшыларға қаратып айтылған.
БУЗАЎ (21.04–21.05) белгисинде туўылғанлар ушын шаңарағыңыз ҳәм жақынларыңыздың мәплери сиз ушын тийкарғы тема болып қалады. Жылдың биринши ярымында материаллық қыйыншылықлар жүзеге келиўи мүмкин. 1979 ҳәм 1985-жылы туўылғанларды әўметлер күтпекте. Қалған Бузаў белгисинде туўылғанларды биринши ярым жыллықта финанс қыйыншылықлары күтип турған болса да түскинликке түсиўдиң кереги жоқ. Әсте-ақырын бәри өз жолына түсип кетеди.
Муҳаббат барысында көп түсинбеўшиликлер болып турса да, май айынан баслап бәри артқа шегинеди. Саламатлық туўралы болса баўыр ҳәм гормональ органларында бираз қәстеликлер сезиледи. Қорқыўдың кереги жоқ, сүринкели (созылмалы) кеселликке айланбайды. Бул белгилерге де профилактикалық емлениў жетерли болады.
ЕГИЗЕКЛЕР (22.05–21.06) белгисинде туўылғанлар бул жылы шаңарағыңызға ҳәм досларыңызға болған мүнәсибетлериңизде абайлы болың. Оларға қапа болатуғын сөзлерди айтпаўға ҳәрекет етиң. Себеби, кейин мүнәсибетлериңизди тиклеў қыйын болып қалады. Бәрше қатнасықларда расгөй болың. Сыйыр, Доңыз, Қоян ҳәм Таўық жылында туўылғанлар ушын жыл әўметли келеди. Әсиресе, Егизек белгиси ўәкиллери менен әўмет бирге жүреди. Сол ушын ҳәр қыйлы лоторея ойынларында өзлериңизди сынап көриң. Муҳаббат барысында болса, жумысқа ҳәм басқа да жақын танысларыңызға көп итибар қаратқанлықтан өз жуптыларына меҳир бере алмай қалғанлықтан өз-ара келиспеўшиликлер болып турады. Саламатлықта болса бул белги ўәкиллери қыс келиўи менен өзлерин бир түрли сезип жүреди. Спиртли ишимликлер, басқа да зыянлы иллетлерден узақ жүриң. Егер буларға әмел етпесеңиз қәстеликлер тосаттан пайда болып қалыўы мүмкин. Шыпакерлерге көринип турың.
ШАЯН (22.06–22.07) белгиси ўәкиллери–бул жылы әжайып нәтийжелерге ерисиў ушын бәрше гүманларыңызды бир шетке ысырып қойың. Егер солай етсеңиз, Сизди үлкен жетискенликлер күтпекте. Сизиң көплеген қарама-қарсылықлы мәселелерди шешиўде қатнасыўыңыз зәрүр болмақта.
Кейнинен емин-еркин нәпес аласыз. Яғный ерискен жетискенликлериңизден разы боласыз. Жулдызлар шаянларға әжайып саўғалар инам етпекши. Шет елге хызмет сапары ҳәм финанс жетискенликлерге ерисиўди болжамақта. Буларға қолыңыз жеткен ўақтында дем алысты бәҳәне етип, кейингисинен айрылып қалмаң. Шаян белгиси ўәкиллери шөлкемлестириўшиликти тез-тез өз мойынларына алыўы керек. Финанслық аўҳал көбинесе өзлерине байланыслы шешиледи. Пассив дәрамат капиталыңызды кеңейтиўге себепши болады.
Муҳаббат барысында Шаянлар жеке өмиринде өзгерислерге умтылады, ҳәммеси жақсылыққа болады.
Саламатлықта турмыс тәризине итибар бериўиңиз талап етиледи. Азанғы шынығыў ҳәм кешки аўқаттан соң пияда жүриўди де рационыңызға қосып қойың. Бул әпиўайы нәрселер сизди қәтержам болыўға ҳәм денсаўлығыңызды недәўир дәрежеде дүзеп алыўыңызға жәрдем береди.
АРЫСЛАН (23.07–23.08) белгиси астында туўылғанлар бул жылы мақсетиңизге ерисиў ушын әдил болың. Сөйтсеңиз сиз абырайлы, иззетли, ҳүрметли инсанға айланыўыңыз мүмкин. Сол ушын жақсы әмеллер етиң. Жолбарыс, Балық, Жылқы жылында туўылғанлар бул исте ҳүрметке сазаўар болады, финанс барысында Арыслан ўәкиллери ҳәр қыйлы өзгерислерге таяр турыўы керек. Базы ўақытларда пайда менен ал, базыбир ислерде пул жоғалтыўларға ушырайды. Соның ушын бизнестегилер шерик таңлаўда дыққатлы болғаны мақул.
Муҳаббат барысында бойдақларға ҳәм турмыс қурғанларға да жулдызлар жақсы мүмкиншиликлер есигин ашпақта.
Саламатлықта өзиңизди қорғаў ушын денеңизди шынықтырып барың. Профилактикалық емлерди де тез-тез алып турың. Бул шамаллаўдан баслап, барлық кеселликлердиң де жеңил өтиўине жәрдем береди.
ПЕРИ (24.08–23.09) белгиси астында туўылғанларды бул жылы жоқары мәртебеге ерисиўлер күтпекте. Сиз ҳадаллыққа әмел етиң. Сонда ғана нийетиңизге толық жетисесиз. Алдыңызға жоқары мақсетлер қойың. Сиз өзиңизге мас пикирлес адамлар менен танысасыз. Жылқы, Жолбарыс ҳәм Сыйыр жылында туўылған Перилер ушын анық, мақсетли, нәтийжели турмыс басланады. Сонда да жақын келешек ушын бюджетти таярлап қойыўын жулдызлар усыныс етеди. Ақша топлаў ушын биринши гезекте күшли денсаўлық болыўы керек. Сол ушын өзлериңиздиң денсаўлығыңызға итибарлы болың.
Муҳаббат барысында пинҳамы ушырасыўлар, романтика күтпекте. Турмыс қурғанлар руўхый жақынлықта болмағы лазым. Жулдызлар жақынларыңызды қуўандырыўыңыз ушын жумыстан азғана болса да ўақыт ажыратыўыңызды мәсләҳәт етпекте. Саламатлықта Перилер ушын диетаны тәртипке салыў мақсетке муўапық деп айтпақта. Кеселликтиң ең үлкен қәўпи Январь, Март ҳәм Ноябрь айының ақырында болады. Депрессия ҳәм стресс болмаўы ушын шараларын көриўиңиз дәркар.
ТӘРЕЗИ (24.09–23.10) белгиси ўәкиллери бул жылы Сизлер иштен тынып жүре бермей көпшиликке араласыўыңыз керек. Ең қыйын дәўирлер Февраль, Март, Август, Сентябрь ҳәм Ноябрь айлары болады. Өмирдеги ең қолайсыз жағдайлар усы ўақытлары жүз береди. Сол ушын епке келсе өзлериңизди усы ўақытлары қолға алың. Егер сиз Қоян, Таўық яки Қой жылында туўылған болсаңыз сизди глобаль өзгерислер күтпекте. Сизиң өмириңиз ала-бурқан болып турса да финанс жағынан ҳеш ўақытта қыйналмайсыз. Сизге жақын адамлар жәрдемге келеди.
Муҳаббат барысында Тәрезилер өзине мас жуптыны аңсат ғана таба алады. Тек ойсызлық етип қоймаўы керек. Себеби, Тәрезилер ҳәр қыйлы жағдайда да жубынан үстин турыўды күсеп турады. Саламатлық туўралы болса Тәрезилер шаш, көз, тырнақ ҳәм тери кеселликлерине дуўшар болып қалыўы мүмкин. Соның ушын айтылған нәрселердиң бәриниң алдын алған жөн.
САРЫШАЯН (24.10–22.11) белгисинде туўылғанларды жағымлы ўақыялар күтпекте. Жылқы, Сыйыр ҳәм Тышқан жылы туўылғанлар әбден байыйды десек те болады. Мәртебе, жеңислер болады. Сиз ҳәрдайым ишки сезимлериңизге исениўиңиз мүмкин.
Муҳаббат барысында көп қуўанышлар болады. Жақсы нийетте жақсы нәрсеге пул жыйнасаңыз әлбетте нәтийжеге ерисесиз. Шаңарағы ушын күйип-жанатуғын Сарышаянларды да тосаттан келетуғын қуўанышлар күтпекте. Сарышаянлар өз тәғдирлерине өзлери ийелик етиўге умтылатуғын инсанлар. Сол себепли олар биреўдиң арқасында күн көриўди өзлерине еп көрмейди.
Саламатлық барысында қандай да бир тәшўишли кеселликлерге дуўшар болмайды. Сүринкели кеселликлерден де қорықпаса болады. Сонда да сақлансаң сақларман дегенлериндей сақ болғаны мақул.
МЕРГЕН (23.11–21.12) белгиси астында туўылғанлар бул жылы жүдә жеделлик пенен ҳәрекет етеди. Сиз өмириңизди пүткиллей өзгерткиңиз келеди. Мүмкин жасаў орныңызды өзгертиўиңиз мүмкин. Бул жылдың екинши ярымына шекем әмелге асырылады. Сыйыр, Таўық, Маймыл ҳәм Жылан жылында туўылғанлар Май, Ноябрь айларында үлкен қарарлар қабыл етпең. Мерген белгиси ўәкиллери қатты ҳәрекет есабынан көп пул табады. Әўмет те үлкен роль ойнайды. Бәрше қарызларыңыздан қутылың. Кеўил ашар ўақытлар ушын сарыпланатуғын қәрежетлерден қашың.
Муҳаббат барысында узақ күткен ушырасыў қуўанышлы жуўмақланады. Саламатлығы жыл басында бираз жаманласады. Себеби, артықша ҳәрекет еткенлер усыған тап болады. Сол ушын көбирек дем алыў лазым.
ЕШКИ (22.12–20.01) белгисинде туўылғанларды да көплеген қуўанышлы ўақыялар күтпекте. Финанс барысында Ешки белгиси ўәкиллери жыл басында көп пулларды күте бериң. Бизнес, саўда да бираз жетискенликлерге ерисиўиңиз күтилмекте.
Көшпес мүлк пенен байланыслы операцияларды әмелге асырыўыңыз күтилмекте. Бул белгиде туўылғанлар жумыс ислеўди жақсы көреди. Бирақ, ҳақ көкирегин ҳәммеге бирдей аша бергенлиги себепли көбинесе алданып қала береди. Сонда да кеўлин қабартпай исин даўам ете бериўи мүмкин. Лекин, ҳәзирги дәўир ондайды көтермейди. Қарыз бермең, кредит алмаң. Муҳаббат барысында да әўмет Ешки ўәкиллери тәрепте болады. Саламатлығы да пәнт бермейди. Бәри жақсы.
СУЎ ҚУЙЫЎШЫ (21.01–18.02) белгисинде туўылғанлар жаңа қәбилетлерге ийе боласыз. Бул белгиде туўылғанлар алдыннан айтып болмайтуғын талас-тартыслы, бирақ пайдалы ҳәдийселерге дус келеди. Басқа белги ўәкиллерине өз мақсетлериңизди айта бермең. Қайыр-сақаўат ислерин жүритиўиңиз мақсетке муўапық болады.
Муҳаббат барысында романтиканың шоққысы февраль-март айларына туўра келеди. Турмыс қурғанлар ушын да әўметли жыл болады.
Саламатлық барысында депрессияға ушыраўыңыз мүмкин. Буның бәри ҳәммесин кеўлиңизге жақын ала бергенликтен. Жүрек ҳәм асқазан аўырыўлары қозыўы мүмкин. Өзиңизди асыраң.
БАЛЫҚ (19.02–20.03) белгиси астында туўылғанлар ушын да жыл әўметли келеди. Финанс барысында пуллар ағымы даўамлы болады. Сондай-ақ, жақын досларыңыз да Сизге жәрдем қолларын созады. Ҳәр қандай иске қол урмасын жеңиске ериседи. Бул белгиде туўылғанлар көптен берли көрмеген жақыны менен ушырасады ҳәм бул ушырасыў оның өмирин пүткиллей өзгертип жибериўге себепши болыўы мүмкин.
Саламатлықта әпиўайы көринген тумаў кеселлиги де қәўипли аўырыўға айланып кетиўи мүмкин. Сол ушын оған итибар берип ўақтында керекли дәри-дәрмақларды қабыл етиң.
Интернет материалларынан ықшамлап қарақалпақшаға аўдарған: Шүкир. Сийпат.