САНЫ КӨП ДӘРИЛЕР

Елимизде халық саламатлығын сақлаў мәселесине айрықша итибар қаратылған болып, бунда дәри-дәрмақлардың орны үлкен әҳмийетке ийе. Барлық тараўлар қатары фармацевтика саласы да бурын болмаған раўажланыўлар жолында. Фармацетивка кәрханаларының саны ҳәм салмағы артып бармақта. Нәтийжеде бүгинги күнде дәриханалар хызмети болса ҳәммемизди қанаатландырады. Зәрүрлик болғанда күнниң қайсы ўақтында болса да излеген дәриңди табыў имканияты бар. Ҳәттеки үйден шықпаған ҳалда социаллық тармақлар арқалы буйыртпа берсеңиз де болады. Ҳәр қандай дәртимизге дәрман болған дәрилердиң бүгин фармацевтика базары қәлиплескен. Мағлыўматларға қарағанда Өзбекстан фармацевтика базары ҒМДА да Россия, Украинадан соң туратуғын ири базарлардан есапланады.
Дәриханалардағы уқсас дәрилер, дәрилик шөплерден таярланған дәрилердиң сатылыў тәртиби, қағыйдалары ҳаққында жақыннан билиў мақсетинде биз Фармацевтика агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бас қәнигеси Ўәсият Улпетовқа мүрәжәәт еттик.
– Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнде 680 дәрихана бар. Олардың сатыўға алып келинетуғын дәрилери дәслеп Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы, мәмлекетлик уйымы тәрепинен бақлаў-тексериўден тийисли тәртипте өткериледи. Соның менен бирге емлик шөплерден таярланған дәрилердиң де арнаўлы көрсетпелери бар болып, дурыс қолланса пайдасы көп, – дейди ол.
Ал, енди уқсас дәрилер яғный “сораған дәриңниң орнына болады” дегенге енапаттай пулға алынатуғын уқсас дәри базы да машқала туўдыратуғыны да бар жағдай. Бундай ўақытта емлеўши шыпакер шешими ҳәм қарыйдар ҳуқықы бузылыўына жол қойылмаўы керек. Дәрихананың қарыйдары-бийтап. Сонлықтан ең баслысы инсан саламатлығы екенлиги бәринен үстин турыўы тийис.
Соңғы ўақытлары дәриханалар арқалы емес, ал тармақлы маркетинг жолы менен ислеп шығарыўшылары сырт еллер болған көп ғана биологиялық қосымшалар кирип келмекте. Рекламасы жүдә күшли болған бул өнимлер не ушын дәриханаларымызда ашық-айдын сатылмайды? Соның менен бирге баҳасы не ушын жүдә қымбат екен? деп ойлаймыз. Исениўшеңлигимиз басымлаў келеди де, қалтамыз көтергенше алғымыз келеди. Инсан тәбиятына тән нәрсе – көпшиликтиң еле қолы жете алмаған нәрсеге қолым жетсе екен деп ойлайды. Және қымбат болған сайын, емлик сапасы да соған жараса болса керек деген пикирде боламыз. Ҳақыйқатында да солай ма екен?! Негизинде ҳәр бир дәрилик өнимниң бир қатар тийисли орынлардан тексериўден өткерилген ҳүжжети болады. Мағлыўматларға сүйенер болсақ,оның қурамында аўыр металлар, қурт, родионуклетлердиқ бары-жоқлығы тексерилип, ең әҳмийетлиси ислеп шығарыўшы тәрепинен шийки зат өними қай жерден алынғаны ҳаққында экспертиза жуўмағы болыўы талап етиледи. Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети тәрепинен берилген паспорты ҳәм ең соңында мәмлекетлик бажыхана орнынан, салық орнынан берилген гүўалығы болыўы тийис.
Гәп саламатлық ҳаққында барар екен, бизге медициналық мәденият, билим менен бирге ҳуқықый түсиниклер де оғада зәрүр болмақта.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.