Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәлим етиўинше, министрлик Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Санлы технологиялар министрлиги Қарақалпақстан аймақлық секторы ҳәм Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы менен биргеликте мектеп оқыўшылары ушын жаңа телевикторина ойынын шөлкемлестирмекте.
Бул телевикторина ойыны “Билимлилер бәйгиси” деп аталып, ол усы жыл февраль айынан басланыўы белгиленген.
Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мәжилислер залында жаңа телевикторина ойынының бағдарламасы бойынша таныстырыў кешеси болып өтти.
Онда викторина шөлкемлестириўшилери тәрепинен ойынның шәртлери, мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында жыйналғанларға кең түрде түсиниклер берилип, тийисли жуўапкерлер менен пикир-усыныслар додаланды.
Соң телевикторина ойынында қатнасыў избе-излигин анықлаў мақсетинде шек таслаў мәресими өткерилип, оның жуўмағында Нөкис қаласы ҳәм районлардағы жеңимпаз мектеплер, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинен бес билимли 8-9-класс оқыўшыларынан қуралған жәми 18 команда төмендеги тәртип бойынша өз-ара беллесетуғын болды.
1-топар: Қараөзек, Кегейли, Қанлыкөл районы;
2-топар: Беруний, Хожели районы ҳәм И.Юсупов дөретиўшилик мектеби;
3-топар: Бозатаў, Қоңырат, Төрткүл районы;
4-топар: Шымбай, Тақыятас, Елликқала районы;
5-топар: Мойнақ, Әмиўдәрья, Нөкис районы;
6-топар: Тахтакөпир, Шоманай районы ҳәм Нөкис қаласы.
Усы беллесиўлердиң жуўмағында жеңимпаз болған командалар телевикторинаның кейинги басқышына жоллама алып, беллесиўди даўам еттиреди.
А.Оразов.
