УНИВЕРСИТЕТ: 28 МЫҢНАН АСЛАМ ЖАСЛАР ЖӘМЛЕНГЕН ДӘРГАЙ

Студентлик дәўир-көплеген жаслардың ең баслы әрманы болып, билим-илимниң бийик шыңларына қарай жол баслаўшы әжайып мәўритлер. Студентлик соның менен бирге өзиң таңлаған келешегиңе өзине тән қыйыншылығы да, қуўанышы да мол көпир десек те қәтелеспеймиз. Үйрениў, өзлестириў ҳәм излениў бәри жаслық пенен мөрленип, бир өмирге мазмун “жаздырады…”
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети халқымыздың дәслепки ҳәм мақтанышлы жоқары оқыў орны. Бүгинги күнде бул оқыў орнында 28 мыңнан аслам студентлер билим алмақта. Университет турмысына өз таланты менен табыслар әкелип қосып атырған жаслар да көпшиликти қурайды. Өткен жылы университеттиң көркемөнер таныў факультетиниң студенти Ҳүрлиман Нийетбаева Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды.

30-июнь–Жаслар күни мүнәсибети менен “Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик” ураны астында өткерилген концерт дәстүри шеңберинде өзлериниң таланты, зийреклиги менен теңлеслери арасында жақсы нәтийжелерге ерискен, сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар университеттиң студент жаслары “Үмит ушқыны” көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Турин политехника университетинде өткерилген «Технофест» таңлаўының жуўмақлаўшы басқышында математика факультетиниң 3-курс студенти А.Қоғамбаев “Мастерпринт”–сан типографик банкомат жойбары менен қатнасып жеңимпаз болды. Өзбекстан Республикасы Жоқары билим ҳәм инновациялар министрлигиниң арнаўлы сертификаты ҳәм 10 млн. сумлық пул сыйлығы менен сыйлықланды.

Қазақстан Республикасы Шымкент қаласында өткерилген халықаралық жуўырыў марафонында Денетәрбия мәденияты факультети студенти Р.Искендеров қатнасып, сыйлы 3-орын ийеси болып, бронза медалын қолға киргизд
2023-жыл 26-27-октябрь күнлери жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген Математика пәнинен Мухаммед Аль-Хорезмий атындағы II халықаралық олимпиадасында университет 1-орын жеңимпазы болды.
Сондай-ақ, ноябрь айында Бес баслама олимпиадасы шеңберинде жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген “Заковат” интеллектуаль ойынының аймақлық басқышында университет командасы 1-орын жеңимпазы болды ҳәм Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Түркияның Анталия қаласында спорттың қылышпазлық жөнелиси бойынша өткерилген жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан Денетәрбия мәденияты факультети студенти И.Абдазов ҳәм Г.Пердебаева алтын медальды қолға киргизди.
2023–2024-оқыў жылында бакалавриат басқышында Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм басқа да атақлы мәмлекетлик стипендияларға 19 студент миясар болды. Университет студент жасларының табыслары оғада көп. Булардың барлығы елимизде жасларға қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм нәтийжели ислердиң жемиси.
Сессия мен ушын
қыйын болмады
Зульфия Төлебаева Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика факультетиниң 1-курс студенти: Өзим Кегейли районынанман. Мен де бахытлы елимниң бахытлы студент жасларының биримен. Усы оқыў жылы мәмлекетлик тест сынақларынан жоқары балл топлап, оқыўға кирдим. Университеттей уллы дәргайда билим алып атырғанымнан шексиз бахтиярман.
Кишкенелигимнен журналист болыў – мениң жүрек қәлеўим болды. Телевидение ҳәм радио есиклерин ашып, газеталарға мақалалар жазып, қәлем тербетиўди басладым. Елимизге белгили журналистлердиң жол-жобасын алыўға миясар болдым. Ҳәзирги студентлик алтын дәўиримниң ҳәр бир күни мен ушын жүдә қәдирли. Мазмунлы өткериў өз қолымызда. Жас журналистлер клубының белсенди ағзасыман. Клубымызға университет баспасөз хаткери Азамат Абибуллаев басшылық етеди. Радио бөлимимизди Илҳомжон Собиров алып барады ҳәм монтаж жумысларын шөлкемлестиреди. Радио еситтириўимиз азанғы саат 8 00 де күн ара университетимиз бойлап жаңлайды.

Мен алдын радио турмысы менен жақыннан таныс болғанлығым ушын маған қыйыншылық туўдырмайды. Ең биринши мақалам “Қарақалпақстан жаслары” газетасында жарық көрди.
Студентлер ушын үлкен сынақ майданы болған сессия ойлағанымыздан жақсы өтпекте. Себеби, ҳәммеси өзимиздиң қолымызда. Барлық студентлердиң дыққат-итибары-имтиханлардан сүринбей өтип алыў. Студентлик мен ушын енди қәдем қойып атырған жаңаша әлем, үлкен имканиятлар есиги.

Студентлер жатаҚханасы

Альбина Оразбаева, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика факультети 1-курс студенти:
Қараөзек районы Қуралпа АПЖ нанман. Студентлер жатақханасында тураман. Мениң ушын жатақханада болыў жүдә қолайлы. Себеби, оқыўдан соң «Жаслар орайы»ндағы «Карьера» дөгерегине қатнайман. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қасындағы 1-санлы лицейде оқып жүргенимде-ақ волентерлығымды басладым.
Орайда көплеген жарысларға қатнасып, өз билимимди сыннан өткерип киятырман. Пайдалы сабақлар алып, жаңа дослар арттырып атырман. Бахытлы елимиздиң кең дүньяға қушақ ашқан әўметли жасларының бири екенлигимнен жүдә қуўанышлыман. Жатақханамыздың мәдений дем алыў бөлмесинде мазмунлы ушырасыў кешелер өткериледи. Бул жерде жатақхана хызметкерлери ҳәм тәрбияшылар менен қатаң тәртип-қағыйдаға әмел етиледи. Барлық имканиятлар жаратылған.

Гүлдана Дәлибаева, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика факультетиниң 1-курс студенти; Өзим Қанлыкөл районы, “Сарыалтын” АПЖ нанман.. Мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланып, студент болыў бахтына еристим.

Университетте студентлигимниң дәслепки күнлери мен де үлкен тәсир қалдырды.

“Аўылға қайтқан күн” деген мақала жаздым. “Жас журналистлер” клубы белсенди ағзасыман. Сайтымызда репортажлар таярлап бараман. Әрманларымды алға баслатып, жақыннан жәрдем берген дәслепки устазым «Жаслар TV» журналисти А.Бекбергеновадан жүдә миннетдарман. Устазларым Д.Бекбаўлиев ҳәм З.Қожықбаевалардың ҳәр бир сабағы жүдә мазмунлығы менен мен де үлкен тәсир қалдырады.
Жатақхана – студентлердиң өз үйи. Студентлик алтын дәўиримди студентлик жатақханасы да жыллы сезимлер менен толықтырып келмекте. Ҳәр бир студенттиң өз пәрўазы бар. Тилегим пәрўазыңыз бәлент болсын, студентлер.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.