«ЖАСЛАР МЕДИЯ ОРАЙЫ» ИСКЕ ТҮСТИ

Журтбасшымыздың басламасы менен жумыс алып барып атырған бюджет жойбарының 2023-жыл 1-мәўсиминде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм көплеген жаслардың талап ҳәм усынысларына бола, Нөкис қаласындағы Жаслар орайында “Жаслар медиа орайы”ның заманагөй жойбары ашық даўысқа қойылды. Халқымыз, әсиресе жасларымыздың қоллап-қуўатлаўы менен “Жаслар медиа орайы” жойбары ашық таңлаў жеңимпазына айланды. Жойбар ушын 750 млн. сум пул ажыратылып, медиа орай жойбарына тийкар жаслар талғамына сай жаңа контентлер ҳәм социаллық тармақлар ушын арнаўлы зоналар, мәлимлеме хызмети басшысы ҳәм монтаж ушын арнаўлы бөлмелер реконструкция исленип, материаллық-техникалық базалар менен тәмийинленди.

Жақында “Жаслар медиа орайы”ның жумыс баслаўы мүнәсибети менен пресс-тур шөлкемлестирилди. Пресс-турға барлық ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажда Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары Мақсет Турсынов медиа орайдың имканиятлары ҳаққында кеңнен сөз етти ҳәм барлық ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин бирге ислесиўге шақырды. Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги Мәлимлеме ҳәм медиа хызмети басшысы Нодир Абдиқадиров сөзге шығып, қарақалпақстанлы жасларды қызғын қутлықлады ҳәм өз усынысларын билдирди.
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанында дүзилген “Жас репортёрлар клубы” медиа тараўына қызығыўшы жасларды бирлестирген болса, ал “Жаслар медиа орайы”ның жаңадан жумыс баслаўы жас репортёрларды шексиз қуўандырды. Себеби, бул жердеги имканиятлар арқалы жас репортёрлар жаңа жойбарлар, жаңа контентлерди жаратыўды реже еткен, “Жаслар бәндиргиси”, “Билесиз бе?” сыяқлы жойбарлары жас репортёрлар тәрепинен жанлы тәризде алып барылыўы, сондай-ақ жанлы эфирлер арқалы сораў-жуўап викториналарының өткерилиўи көп санлы тамашагөйлерди қамтып алары сөзсиз. Орайда тек ғана жас репортёрлар ғана емес, республикалық көлемдеги контент жаратыўшылары, танымалы жойбар ийелери, вайнерлер, блогерлер менен бирге ислесиўди де жолға қойыў режелестирилмекте.
“Жаслар медиа орайы”нда старт алған пресс-тур Жаслар орайы имаратында жумыс алып барып атырған “Бизнес клуб”, “Информациялық технологиялар”, “Немис тили”, “Робототехника” дөгереклеринде даўам етти. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналист ҳәм блогерлер дөгереклерде жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

Шүкирбай
СИЙПАТДИНОВ.
Сүўретте: Пресс-турдан көринис.