ФИЛИАЛ ТАРИЙХЫНДА БИРИНШИ…
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының шөлкемлестирилип, билимге қуштар жасларды өз қушағына алғанына алты жыл болды. Өзиниң дәслепки қәнигелерин халқымыздың ҳәр қыйлы тараўларына жетилистирип берип атырған филиалдың быйылғы жыл басындағы жетискенлиги қуўанышлы жаңалық болып тарқалды.
Филиалдың 4-курс студенти Айгүл Абатбаева Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ийеси болды. Бул филиал тарийхындағы студентлер арасында бириши үлкен жетискенлик бәрше жасларға мотивация ҳәм мақтаныш десек болады.
Әлбетте, ким болмасын келешекке бағдар алып, алдына мақсет қойса ҳәм оған жетисиў ушын тынымсыз изленсе, жемисин көриўи әйне ҳақыйқатлық. Айгүл Абатбаевада усындай умтылыс күшли бо
лды. Келешегин аңлап, мудамы изленди. Заманының барлық имканиятларынан орынлы түрде пайдаланды. Билим ийелеў менен спортта да өз уқыплылығын көрсетип аўыр атлетика бойынша бир қанша жеңимпазлықты қолға киргизип барды.
2001-жылы пайтахтымызда камалға келип, 2-санлы мектепте билим алды. Мектеп дәўиринде биология, зоология пәнлерине қызығып, тереңнен үйренип, қызығыўшылығы бойынша филиалдың ветеринария диагностика ҳәм лаборатория иси бакалавр тәлим жөнелиси бойынша оқыўға тапсырып, биринши грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.
Әне, тынымсыз изленис жемиси әрман-арзыўға жетистирди ҳәм шыңланыў шоққыларына баслады.
Университет ҳәм факультет студентлери арасында билими, зийреклиги ҳәм талапшаңлығы менен ҳәр қыйлы таңлаўларға, илимий конференцияларға қатнасып киятырған Айгүл Абатбаева илимий басшысы Хидир Арзиев пенен биргеликте “Гөшти цестодаларға тексериў усыллары” мазмунында илимий жумыслар алып барып атыр. Оның усындай жөнелиси бойынша 20 ға жақын илимий мақаласы шет ел басылымларында ҳәм республикамыздың баспаларында жәрияланып келиўи ветеринария тараўына деген қызығыўшылығын ҳәм сүйиспеншилигин билсек ҳәм қуўансақ болады.
Кәсип инсанды таңлайма яки инсан кәсипти. Айгүлдиң илимий изленислерине қарай қурамалы яғный қыйынырақ тараўды таңлай қойыпты-аў деп қыялымнан өткерип отырсам, – Апа, устазым Дилфуза Маткаримова ҳәм студент Д.Оразалиевлер менен биргеликте “Ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында қолланылатуғын терминлер” атлы китабым жарық көрди, – дегени қыялымды бөлип қуўаныш бийледи. Демек, Айгүл кәсипти таңлаған. Усындай билим менен шыңланып, илим шоққысындағы Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ийеси Айгүл Абатбаева ветеринария диагностикасы ҳәм лабораториясы иси бойынша илимий изленислерди даўам еттириўди ҳәм қәнигелиги бойынша жетик кадр болыўды нийет етип атырған қызымызға жетискенлик пенен шыңланып барыўын тилеймиз.
Зибира Абдиниязова.
