ДАНАЛЫҚ ГӘПЛЕР

Жинлилерге тәжим етиң. Жүзлеген данышпан айта алмаған гәпти бир жинли айта алады.
Ҳаял қәлби магниттиң сыртына усайды. Жақынласаң узақласады. Узақлассаң жақынласады.
Күлиўди билмейтуғын адам бахытсыз адам. Жылаўды билмейтуғын адам еки есе бахытсыз.
Наданлар арасында герең бол, даналар арасында гүң бол.
Кесе-шәйнегиң сынса қыйнал-кесекке айланады. Алтын кесең сынса итибар берме-баҳасы түспейди.
Кийик аш қалмаў ушын көгис отларды жийди бирақ, бири-бирин өлтирмейди. Арыслан аш қалмаслығы ушын кийикти жийди лекин, бири-бирин өлтирмейди. Адам көгисти де жийди, кийикти де жийди, кеўил-хошлық ушын арысланды да өлтиреди. Кейин урыс ашып бир-бириниң басын алады.
Басқа ҳаялды көзинше мақтап, өз ҳаялыңызды сыртынан мақтаң.
Жаманларды ықтыят етиң. Жаманлар жоқ болса жақсының қәдири билинбей қалады.
Ҳеш нәрсеге ҳайран қалмайтуғын адамнан алым шығады. Ҳәмме нәрсеге ҳайран қала беретуғын адамнан болса шайыр шығады.
Расгөй адамның бир әззи жери болады, оны алдаў аңсат.
Ҳаялды алақаныңа сал, бирақ басыңа шығарма.
Сахнадағы ойын, турмыстағы ойынлар алдында ойыншық болады.
Ақыл соныңдай бир ғәзийне, қанша көп ислетсеңиз сонша толысып бара береди.
Биреўлерге гөр қазған адам, өзи соған түседи. Сол шуқырға түспесе, басқасына. Бүгин болмаса ертесине.
Бала туўдырғанлардың бәри әке бола бермейди. Бала туўғанлардың ҳәммеси де ана бола бермейди. Баланың ҳәммеси де перзент бола бермейди.
Жыйнап қарақалпақшаға аўдарған Шүкир. Сийпат.