(Даўамы. Басы өткен санда)
– Биз Хийўаның базарынан ол – пул алып Ресейге қайтпақшы едик. Бир мәҳәл базарда «пош, пош, жасаўыл киятыр» деген шаўқым шықты. Адамлар ҳәр жаққа серпилип, жолды аша баслады. Бизлер Сергей екеўмиз не нәрсе екен деп аўзымыз ашылып, қарап турдық.
Бир мәҳәл саўлатлы кийинген бир адам топты жарып келе баслады. Киятырған кисиниң ҳәр жағында еки-екиден, қолларында ѳзлериниң бойларынан узын найза услаған еки нѳкер бар екен.
Олар бизлердиң тусымызға келип иркилди. Бизиң олар менен исимиз жоқ. Соннан кейин ҳеш нәрсе ойламадық та?
– Ресей? – деп саўал берди жасаўыл.
– Да, ресей, – дедик.
Кейин шеп ийниндеги нѳкерлерге ийегин нусқады. Олар найзаларын бѳлине қыстырды да шарппа екеўмиздиң қолымызды байлады.
– За что? За что? – деп атырмыз.
Бизиң саўалымызға жуўап та бермеди.
Олардың изинде және тѳрт-бес нѳкер бар екен. Бизлерди соларға тапсырды да, ѳзлери және базар аралап кетти.
Еки нѳкер екеўмизди алдына салып хан сарайына жақын бир ҳәўлиге алып келди. Ол жерде бизлерден басқа және үш орыс бар екен.
Таныстық. Екеўи Сибирьден, биреўи Оренбургтен екен:
– О, земляк! – деп Сергей қуўанып қояберди.
– Ким деп?
– Сѳзимди бѳле берме, умытып қаламан. Түске дейин он бир адамға жеттик. Түс аўа бағанағы жасаўыл шығыс патшаларындай кийинген үш баяринди ертип келди. Биз ҳеш қайсысының тилине түсинбеймиз.
Баяринниң биреўи мени бармағы менен ымлап, бир адым алға ѳтиўимди сорады.
Мениң менен қосыла Сергей де бир адым атты. Баярин оны «сен кери тур» деп ымлап кейин шегиндирди. Мен де қосыла шегинбекши едим, мени жағамнан услап қалды.
– Мы двоем, – дедим еки бармағымды кѳрсетип. – Екеўмиз бир-биримизден айрылмаймыз дегеним еди.
Жасаўыл оған бир нәрселерди түсиндирген болды ма, Сергейди бармағын бүгип шақырып, мениң қасыма қосты.
Усылайынша он биримизди де үш баярин бѳлисип алды. Бизиң баярин екеўмизден басқа ҳеш кимди алмады.
Кейин жасаўыл олар менен ишке барып ойласты ма, сѳйлести ме, бираз ўақыттан кейин, қайтып шықты.
– Они Иран! Иран! – деп шала-пала түсиндирген болды жасаўыл бизлерге. – Ол сизлерди үш жылға дейин үйинде жумсайды. Соң руқсат береди. Қалғанын барғаннан кейин сѳйлесесиз. Қашып кетемен деп ойламаң. – Жасаўыл белиндеги қынаптан қылышын «суў-ў» еттирип суўырып алды да, алқымына тартып кѳрсетти. Яғный, қашсаңыз шалып ѳлтиреди дегени еди.
Биз Хийўаның базарын аралап үлгермей-ақ Иранға қул болып сатылдық.
Иранға дейин еки күн жол жүрдик. Бизлер екеўмизди арбаның үстине миңгизип, бир-биримизге қарсы қаратып отырғызды. Соң арбаның қапталдағы ағашына қолларымызды шандып байлады.
Арбаның дѳңгелеклери ѳзинен үлкен екен. Қапталымызда беллерине қылыш асынған еки атлы гүзетип жүрди. Арбакеш те жарақсыз емес, белинде қанжар бар еди. Қолымыз байланбағанда да буларға қуралсыз күшимиз жетпейтуғыны анық.
Жолда тоқтап аўқатландық. Бизлерге де ѳзлери жеген шѳрек пенен ҳалўадан берди. Лекин, бизлерди бирим-бирим аўқатланыўға босатты. Тѳбемизде биреўи қылышын гезенип, жасаўыл болып турды.
Иранға келгеннен кейин қайсы қала екенин билмеймиз, әйтеўир, кѳшелерде адамлары ығысып жүрген үлкен шәҳәр екен. Бизлерди үлкен ҳәўлиге алып кирди.
Арбадан түсирмей турып иштен кимдидур хабардар етиўге арбакеш жуўырып кетти.
Үстине узын, жолақ нағыслы шапан, басына жасыл мақпал тақыя кийген бағанағы баяринди сорамай таныдым. Бизлерден бурын қалай жетип келгенин билмедик.
Ол арбаның қасына келип, гүзетшилердиң бирине ийеги менен нусқады. Гүзетшилер қолымызды шешип, жерге түсирди.
Баярин ҳәўлиниң бир шетинде хожейиннен буйрық күтип турған кара-ала ийтин шақырды.
Ийт жетип келди. Баярин бизлерди ымлады. Ийт екеўмизди гелме-гезек ийискелеп, кейин баяринниң қасына барып турды.
Гүзетшилердиң бири шала-пула орысша биледи екен. Баяринниң айтқанларын бизге жеткерип турды.
– Бул адам сизлердиң хожейиниңиз болады, – деди ол. – Екеўиңизди үш жыл мүддетке Хийўа ханлығынан сатып алды. Пулыңыз тѳленген. Сол ушын байдан үш жылға дейин бир пақыр тийин сорамайсыз. Қашып кетиўди ойламаң. Сизлердиң ийисиңизди алған ийт он шақырымға кетсеңиз де изиңизден жетип барады. Бирақ, онда сизлерди арашалайтуғын адам болмайды. Ийт екеўңизди де талап ѳлтиреди. Сол ушын ондай ойға барыўшы болмаң.
Ийт адамды ѳлтирсе ѳлтиргендей-ақ бар еди. Бойымызды ийискелеген ўақытта тумсығы ийегимизге тең келип турды.
Бизлерге ҳәўлиниң бир шетине салынған кишкене ѳжирени кѳрсетти. Ол жерде бурын қой-қозылар сақланған болыўы керек, қойдың қумалақлары, сийип ызғарлап таслаған кѳңлериниң ийиси мурынға урып турды.
Кешке дейин екеўлеп тазалап, есиклерин ашып қойдық. Ийси бираз шыққандай болды, бирақ, едени толық кеппеди.
Баяринниң баллары жүннен тоқылған деймиз бе, нығызланған деймиз бе, еки тѳсек әкелип берди. Соларды тѳсеп едик, ызғар жоғалғандай болды. Бул тѳсек текиймет деген екен.
Текийметтиң үстинде жатып шықтық. Кѳпшик жоқ еди. Кийимлеримизди бүклеп-бүклеп, дастық еттик.
– Сергей, және бир – бир кеса қуй, таңлай кеўип кетти. Мына Қарлыбай да ертек тыңлағандай аўзы ашылып отыр.
Сергей дәслеп Рахимге, соң ѳзине толтырып қуйды. Қарлыбайға қуймақшы болып еди, ол кесесин тартып қалды.
– Бер, бер қуйсын, – деди Рахим оған. – Мен еле саған қалай бай болыўдың жолларын үйретемен. Азырақ байығаннан кейин саўдагер боласаң.
– Сизлердей етип мени де Иранға сатып жиберсе…
– Мусылманларға тиймейди. Ресейден келгенлерди сатады.
Қарлыбай кесесин тутпады. Лекин, жаңағыдай алып қашпады да. Сергей буған да ѳзлериникиндей етип липилдетип қуйды.
Бул рет Қарлыбай мурнын жыйырмады. Ашшыламады. Жүзимниң суўы кем-кем денесине жымбырлап сиңип бойын жеңиллете баслағандай еди.
Рахим менен Сергей оның суўсынды қалай ишкенин гүзетип отырған еди. Қарлыбай кесаны қойып атырғанда бир-бирине қарап жымыйып қойды.
– Маңлайыңыздан тер шығып киятыр, – деди Рахим үй ийесиниң оларға «неге жымыйасыз» деген нәзер менен тигилгенин сезип. – Билесиз бе, бул ашыған жүзим шербетиниң караматын? Нешеге шықтыңыз? – деген сораўды қосып берди изинше.
– Отыз беске.
– Бул шербет отыз бес жылдан берли бойыңызда сақланып келген сарсықты бир тер менен шығарып жибереди. Азанда оянсаңыз жигирма бес жасар жигиттей жеп-жеңил болып турасыз.
Қарлыбай пешанасына алақанын тийгизип кѳрди. Ләм бардай.
– Солай етип, Иранлы баяринниң есигинде хызметши болып күн кешириўди басладық. Бул жерден қашып кетиўдиң итималы жоқ еди. Қашқанда қаяққа барамыз? Қалтамызда кѳк тийинимиз жоқ. Бар пулымызды Хийўалы жәлладлар сыпырып алды. Сол ушын тәғдирге тән берип, баяринге ѳз хызметимиз бенен жараныўға ҳәрекет еттик. Бәлким, кеўлине жақсылық салса үш жыл емес, бир ярым я еки жылдан кейин рухсат берер.
Иранлылардың иранша деген тили жоқ екен.
Олар парсы тилинде сѳйлеседи екен. Ояқ-буяғы бир жыл ишинде бул тилди әдеўир үйренип алдық. Хожейин не буйырса қалыўсыз орынладық: жер аўдардық, егин ектик, дақыл жыйнадық, мал бақтық, қулласы, ѳз елимизде ислемейтуғын жумыстың бәрин сол жақта иследик.
Баярин жаман адам емес еди. Ол бизди аш қалдырмады. Суўыққа тоңдырмады. Лекин, тѳлеген пулына ылайық үш жылды санап алды.
Қайтар гезимизде ҳәр биримизге бир уўыс теңге берди.
– Сизлерге пул тѳлеўди мойныма алмағанман, – деди ол пул бере турып. – Лекин, Ресей алыс журт. Дүзде қыйналып қалмаўыңыз ушын қалыс берип атырман. Аман-есен елиңизге жетип алың. Билесизбе, не ушын Хийўалылар сизлерди услап алып, қул есабында бизге сатты?
Биз ийнимизди қыстық.
– Себеби, ҳәр жылы Бухарадан, Хийўадан, Хазарасптан Ресейге саўда ислеўге кеткен бираз саўдагерлер қайтпай қалады. Оларды сизлердиң князлариңиз услап алып, шоқындырып, диннен шығарады. Мустафа болса Михайил деп, Немат болса Николай деп кәпирдиң атын қойып, билген қуранын умыттырады. Олар ғайры динди қабыл еткеннен кейин елге келиўге арсынады.
Сизлер енди шығысқа келип саўда ислеўди умытың. Ҳәр елдиң патшалары келисим жүргизбегенше аман қайтыўыңызға кепиллик жоқ.
Баярин теңгеге қосымша бес-алты нан шѳрек қосып берди.
Енди бизге елге жетиў уўайымы түсти. «Жолда және биреўлер услап алып, қул етип сатып жибермесе…»
– Мына теңгелерге ат сатып ала аламыз ба? – дедик биз.
Баярин күлди.
– Екеўиңиздикин қоссаңыз бир ешек алыўыңыз мүмкин.
Бир қосыўыс теңгеге кеўлимиз әлле қалай болып тур еди, жаңағы гәптен кейин руўхымыз түсип кетти. «Бул теңгелердиң қуны жоқ тә, ямаса буяқта ешек қымбат!».
Неде болса бостанлыққа шыққанымызға қуўанып жолға түстик. Жол бойы ҳәр кимнен Ресейге қарай қалай шығыўымызды сорадық. Бизди кѳрип ҳәмме тайсала береди. Болмаса парсыша-ақ сѳйлеп турмыз. Әсиресе, ҳаяллары бизге кѳзи түсиўден анадай жерден жолын бурыў салып кетер еди.
(Даўамы бар)
