“Жаслықта алған билим, тасқа ойылған нағыс яңлы” деген ҳикметли сөзди уран етип алған жасларымыз көпшиликти қурайды. 2002-жылы Қараөзек районында туўылған Маржан Аллиярова да мектеп жасынан билимге қуштар болып, үйрениўлерден тоқтамай, ўақыт қәдирин уғынып, тынымсыз излениўде болған жаслардың бири.
Билим сағасы болған мектепте айрықша баҳаларға оқып, шет тиллерин үйрениўге қызығыўшылығы менен ажыралып турған Маржан, мектеп дәўиринде-ақ республикалық таңлаўларға қатнасып 1-2-орынларды ийелеп жүрген. Атап айтатуғын болсақ 2019-жылы “Ең жақсы жаңа нама қосығы” таңлаўында 1-дәрежели диплом, сол жылы жаслар аўқамының белсендиси ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик мәсләҳәтшиси, Өзбекстан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы К.Қуронбаев тәрепинен Алғыснама менен сыйлықланады. Мине, усындай билим алыў менен бирге руўхый-мәдений илажларға да белсене қатнасып жүрген М
аржан Аллиярова 2020-жылы Республикалық “Ашық олимпиада” сында социал-гуманитар пәнлер жөнелиси бойынша диплом, сол жылы және “Халықаралық лексика олимпиадасы Nalloween” халықаралық пән олимпиадасында 1-орын жеңимпазы болып, диплом менен сыйлықланды.
Солай етип ол, билим ийелеўдеги жетискенликлери ушын мектепти гүмис медалы ҳәм миннетдаршылық хаты менен жуўмақлап, келешекке үмит байлаған нәўше қыз үлкен дәргайда билимин жалғастырды.
Маржан Аллиярова тынып-тыншымас, жаратылған имканиятлардан толық пайдалана алатуғын қәбилетке ийе екенлигин өзинде көрсете алды. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы “Вокал атқарыўшылығы” бакалавр тәлим жөнелисине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланыўы имканиятлар шоққысында пәрўазланыўына тийкар жаратты.
Өз жөнелиси бойынша келешегине бағдар алған Маржан үлкен дәргайдың студенти болыў бахтын жуўапкершилик екенин алдыңғыдан да күшлирек, ҳәр тәреплеме билимге жантасыў кереклигин түсинип, өзинде бар талантын көрсетиўге уғынып барды. Институт студентлери арасында өзиниң терең ҳәм анық пикирине ийе болған Маржан Аллиярова республикалық таңлаўларға ҳәм илимий-әмелий конференцияға өз мақалалары менен қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп жүрди.
Студентлик алтын дәўирдиң кең имканиятларынан утымлы пайдаланған Маржан илимий басшысы, профессор Г.Ходжаметова менен биргеликте төрт методикалық қолланбасын баспаға таярлайды.
2022-жыл “Биринши китабым” қосықлар топламы, 2022-жыл “Еске аламан” композитор ҳәм хормейстер Қ.Утегеновтың дөретиўшилиги, 2023-жыл “Фортепиано” ҳәм “Балалар музыка көркем өнер мектебинде фортепиано саз әсбабын оқытыў усыллары” оқыў қолланбалары жарық көрип, өз оқыўшыларына ийе болса, жигирмадан аслам илимий мақалалары Латвия, Россия, Польша ҳәм Республикалық журнал басылымларында жәрияланды.
– Елимизде биз жаслардың билим алыўына, илим менен шуғылланыўына толық шараят бар. Устазлар жасларға тек ғана билим емес, келешегимизге мотивация берип, бәрқулла қоллап-қуўатлайды. Өткен жылы И.Юсупов атындағы стипендия ийеси болсам, усы жылы Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ийеси болыўым устазларымның мийнетиниң жемиси деп билемен. Төрт жыл даўамында ийелеген билимлеримди келешек әўладларға сиңдирсем, устазларымның мийнетлерин ақлаған боламан. Мен еле изленемен, устаз дәрежесине жетисемен ҳәм көркем өнеримизди раўажландырыўға жаслық жигерим менен ҳәрекет етемен, – дейди Өзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы ийеси.
Институттың 4-курс студенти М.Аллиярова оқыў менен бирге “Жаслар ТВ” да телерадио баслаўшы болып ислеп, қызығыўшылықларының ҳәр тәреплемелигин көрсетип келмекте.
Әлбетте, билим шоққысын ийелеп, илим менен шыңланып, жаңа Өзбекстанымыздың гүллеп раўажланыўына үлес қосыўды нийет еткен М.Аллияровадай жасларымыз көбейе берсин.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
