Анажаным алақанында аймалап,
Тәрбиялап өсирдиң ғой бизлерди.
Ренжитпеймен аппақ ғана қәлбиңди,
Меннен қәте болса кеширгил ана.
Күлимлеп турса сулыўланған жүзиңиз,
Жоғалмасын кеўил деген көзиңиз.
Асырап мәңги абайлайман жәннетим.
Меннен қәте өтсе кешириңиз.
СҮЙИКЛИМ
Күттим айға қарап жыллы сезимди,
Бираз көргендей ыссы жүзиңди,
Сағынаман көрмесем өзиңди,
Алысларда жүрген мениң сүйиклим.
Өшпесе екен маған деген сезими,
Қыялымда қуўанышлар дизими,
Айтпадыңба сүйемен деп өзиңди,
Рәҳәтленсин муҳаббаттан жүрегим.
Мәрьям Қыдырбаева.
