ШЫРША ҚУРТЫНА ҚАРСЫ

«Шырша унсыяқлы» курты тийкарынан шырша тереклеринде болып, оларға зыян жеткереди. Зыянкестиң личинка ҳәм урғашылары арша ағашының путақлары ҳәм жапырақларын сорып зыянлайды ҳәм де барлық жер үсти бөлимлери менен азықланады. Нәтийжеде арша ағашы тереги жапырақлары күшли дәрежеде зыянланады.
«Шырша унсыяқлы» қуртынын үлкенлиги 2-3 мм болып, реңи сарғыш, қызғыш, күлрең түсте болады, ер жеткен самец (еркек) түрлери март айы ақырында, самка (урғашы зот) лары апрелъ айы басларында шығыўы бақланған. Олардың мәйек қойыўы май айы даўамында ҳәм июнь айы басларында, орташа 280 данаға шекем мәйек қояды.
Бул зыянкеске қарсы гүрес жумысларында төмендеги илажларды әмелге асырыў зәрүр.
«Шырша унсыяқлы» қуртына (PlanococcusvovaeNass.) қарсы гүресиў илажларын алып барыўда зыянкес тарқалған орын ҳәм аймақларды анықлаў ҳәм де усы аймақлардан зыянланыўы мүмкин болған ийне жапырақлы нәллерди басқа бир аймақларға жиберилиўин қатаң қадағалаў, зыянкеске қарсы гүресиўде оның мәйегинен личинка шығыў дәўиринде химиялық препаратларды қолланыў, жоқары нәтийже бериўин итибарға алып, химиялық ислеўди өз ўақтында өткериўди шөлкемлестириў зәрүр.
Сондай-ақ, зыянкес пенен күшли зыянланып, қуўраў жағдайына келип қалған тереклерди кесип, унсыяқлы қурт кең тарқалмаўы ушын оларды сол жердиң өзинде жағып жибериўи яки шуқыр қазып көмип таслаў жумысларын әмелге асырыўы лазым.
«Шырша унсыяқлы» қурты зыянкесине қарсы агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм толық орынлаў (фосфорлы, азотлы, микроэлементлер, Мастер, Кропшелд, Вегрутлар пенен азықландырыў) ҳәм Би-58 (жаңа) 40% эм.к, Карбофос 50% химиялық препаратларынан пайдаланыў усыныс етиледи.
Усы препаратларды зыянкеслердиң пайда болыўы менен биринши ислеў өткериледи ҳәм зыянкес пүткил жоқ болыўына шекем ҳәр он бес күнде химиялық ислеўлер алып барылыўы керек.
Ҳәзирги күнде республика бойынша фитосанитариялық қадағалаў күшейттирилип, шырша унсыяқлы қуртына қарсы гүресиў илажлары үзликсиз өткерилмекте.
Аманбай Айтбаев,
Нөкис халыкаралық аэропорты УКЧМ инспекторы.