МЕҲРИБАН ДЕНСАЎЛЫҚ САҚШЫЛАРЫ

Адамзат бар жерде аўырыўшылық болады. Бизиң қанымызға сиңип кеткен бир әдетимиз бар: қәстелигимизди сезип жүрсек те, ҳазары жанымызға батқанда ғана шыпакерлерге көринемиз. Сөйтип, өзлеримизге де оларға да қыйыншылық туўдырамыз. Арамызда медицина кәсибине садық хызметкерлер көпшиликти қурайды. Бизиң мәмлекетимизде ҳәр бир наўқас өзи қәлеген шыпакерине ҳәм ол ислеп атырған емлеў мәкемесинде емлениўге ҳуқықы бар. Мен де көп ўақытлардан берли белде грыжа, қан басымы жоқары ҳәм жүрек қысылыўы кеселликлери менен қыйналып жүрген едим. Усы клиника медицина хызметкерлериниң шыпалы еминиң арқасында даўаланып шықтым.
Бул клиника “Ҳаёт мед” деп аталып, ҳәзир оны республикамызда көпшилик адамлар биледи. Себеби, көпшилик “шықпас жанға шыпа излеп” барып, емленип шыққан. Клиниканы көп жыллық тәжирийбеге ийе невропотолог шыпакер Хурсанд Гайпов басқарады. Оның өзи Әмиўдәрья районы “Қаңлы” аўылында шыпакерлер шаңарағында туўылған. 2016-жылы ҳәзирги Нөкис медициналық институтын питкерип, Тақыятас емлеўханасында ҳәм Хожели районлық орайласқан емлеўханадағы диагностика бөлиминде УЗИ шыпакери болып ислеген. Әкеси Худаяр Гайпов терапевт шыпакер болса, анасы Гүлайым Халимбетова УЗИ шыпакери. Шаңарақтың үлкен перзенти. Сол себептен бе, қалған балаларына қарағанда усы туңғыш перзентин анасы УЗИ аппаратының маманы етип шығарған. Хурсанд та анасын өзиниң кәсибиндеги биринши устазым деп есаплайды. Усы көп тармақлы “Ҳаёт мед” клиникасында инсульт кеселлиги ҳәм инсульттан кейинги жағдайлар, бел көкирек, мойын омыртқалары грыжасы, атеросклероз, бет–жүз неврити, ревматизм, невроз, уйқының бузылыўы, простатит–цистит, гипертония–давление ҳәм басқа да кеселликлерди емлеўге жәрдем береди. Бул кеселликлер физиотерапиялық, гастроэнтерологиялық ҳәм неврологиялық усылда емленеди. Буннан басқа да ийне шаншыў ҳәм халық медицина усыллары қолланылады.

Клиника бас шыпакери Хурсанд алдына келген ҳәр бир наўқасты жән–жақлама УЗИ аппаратында тексерип көрип, сол адамның саламатлығы ушын жуўап берип, өз қадағалаўына алады.
– Бизден мәдет тилеп келген ҳәр бир наўқастың ең әўели кеўил–кейпиятын көтериўге ҳәрекет етсек, бул оның ушын шыпа болары сөзсиз. Себеби, медицинада үш қағыйда бар. 1. Жақсы сөз, 2. Дәри, 3. Пышақ. Және халықта “мазалы наның болмаса да, шийрин сөзиң болсын” деген мақал бар. Бул сөздиң төркининде көп мәни жатыр. Келген наўқас дәртине даўа таўып, саўалып, миннетдаршылығын билдирген ўақытта усы кәсиптиң азлы-көпли нанын татып киятырғаныма разы болып кетемен. Мени оқытып, усы кәсипке қызықтырғаны ушын ата-анама миннетдарман, – дейди Хурсанд.
Соның менен бирге клиникада орта буўын медицина хызметкерлеринен 8 қыз жумыс алып барады. Олардан өз исиниң маманы болып кеткен массаж ислеўши Махбуба Мадаминова менен Қызылгүл Жумамуратова, мийирбийкелерден Оразгүл Қонысбаева, Альбина Жамалова, Саёра Каниярова ҳәм Фериде Рафиковалар наўқасларда өзлериниң кишипейиллиги ҳәм олардың кеўлине жол таба билиўшилиги менен жақсы тәсирлер қалдырған.
Инсан ушын ең уллы байлық, бул денсаўлық. Усы денсаўлығынан айрылып ҳәлсизленген ҳәр бир наўқас ақ халат кийген ҳәр бир медицина хызметкеринен жәрдем күтеди.
Наўқасларға өзлериниң хызметлери ҳәм жыллы сөзлери менен меҳир бериўши клиника мийрибийкелерине даўаланыўшылардың да алғысы шексиз.
Нөкисли Мырзабай Бәўетдинов, 55 жаста: – Омыртқам зақымланып, өткен жылы август айында жатып, толық емлене алмай (жағдайларыма байланыслы) кеткен едим. Және келдим, ҳәзир әдеўир жақсыман. Емлери жақсы. Унады, болмаса екинши мәрте келмес едим.
Шымбай районы “Тақ жап” АПЖ турғынлары ерли-зайыплы Шыныбай Досымбетов ҳәм Жамила Қазақбаевалар: – Бел омыртқада грыжамыз бар, қан басымымыз көтерилип кете беретуғын еди. Бел-буўын қақсаўлары қойды. Бул жердиң хызмети жақсы. Рахмет оларға. Мойнақ районы, Порлытаў АПЖ дан Жәдигер Сапарниязов 30 жаста: – Қурылыста ислеймен, белимдеги грыжадан жумыс ислей алмай қалдым. Ҳәзир бурынғысынан тәўир, жақсыман.
Жақсыбай Жумағулов 60 жаста. Қазақстан Республикасы, Маңғыстаў областы, Бейнеў елатынан: – Социал тармақтан көрип келдим. Өзим шофёр болып ислеймен. Көп жыллардан берли қант диабети кеселлиги, бел аўырыўы менен наўқасланып келемен. Мине, ҳәзир бул жерде ем алып атырғаныма 5 күн болды. Жақсы өзгерис бар. Шыпакерге ҳәм мийрибийке қызларына алғысым көп. Енди оларды аўылға мақтап бараман.
Клиника 2022-жылы 40 орынға мөлшерленип ашылған болса, соннан берли 1,5 мыңнан аслам наўқас саўалып шыққан.
Таза, ықшам, соңғы медициналық әсбап–үскенелер менен тәмийинленген “Ҳаёт мед” клиникасынан еле ҳешким наразы болып кетпеген.
– Мен алдағы ўақытлары да өз кәсибимниң жуўапкершилигин терең сезинип, билимимди халқымның денсаўлығының тиклениў жолына сарыплай беремен, – дейди Хурсанд Гайпов.
Биз де бас шыпакерге ҳәм ол басқарып атырған клиника хызметкерлериниң бәрине халық денсаўлығын қорғаўдай ийгиликли ҳәм шарапатлы ислерине табыслар тилеймиз.

Шүкирбай Сипатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
Автордың түсирген сүўретлери.