БОЛАЖАҚ ТАЛАНТЛЫ ЮРИСТЛЕР

Юридика тараўы өзине тән қурамалы тәреплерине ийе. Үйрениў, излениў ҳәм қунт пенен билим алыў оқыўшыларды жетискенликке қарай жетеклейди. Қарақалпақстан Республикасы юридика техникумында билим аламан деген жаслар ушын барлық мүмкиншиликлер есиги ашық. Ашылғанына еле көп ўақыт болмаса да техникум жасларына ҳәўес етсең арзыйды. Суд залы, информациялық технологиялар бөлмеси бар. Теориялық алған билимлер әмелиятта беккемленбекте.
Суд-ҳуқық искерлиги бағдары оқыўшылары А.Асенбаев, Ф.Садуллаева, юридикалық хызмет бағдары оқыўшылары З.Шразова, Б.Нуратдинов ҳәм мәмлекет ҳуқықый искерлик бағдары оқыўшысы Ш.Худайбергеновалар 2023-2024-оқыў жылында “Әдиллик министрлиги” стипендиялары болыў бахтына еристи. Олар оқыў менен бирге илимий изертлеўлерин, шет тиллерин үйрениўине қызығыўшылығын бирдей алып бармақта. Техникумда ҳәр бир пән бойынша айрықша имканиятлар жаратылған. Жақында өткерилген ҳуқықый пәнлер олимпиадасында да техникумның билимли жаслары белсенди қатнасты.
Мийнет ҳуқықы пәнинен өткерилген олимпиада да суд-ҳуқықый искерлик бағдары оқыўшысы А.Қыпшақбаева ең жоқары балл менен жеңимпаз деп табылып, Ташкент қаласында өткерилетуғын олимпиаданың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди. Сондай-ақ, “Талантлы оқыўшы” таңлаўында техникумның жигирмаға жақын оқыўшы жаслары өз билимин сынақтан өткерди. Онда А.Балтабаева, Г.Махамбетуллаевалар алдыңғы орын ийеси болды. Техникумда билимли жаслар көпшиликти қурайды. Олар жоқары оқыў орынларында оқыўды алдына мақсет етип, өзлери әрман еткен тараўының маманы болыўына тилеклеспиз.
Жәҳәнгир Сапарбаев,
ҚМУдың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети студенти.