САНЛАР СӨЙЛЕГЕНДЕ

Туўылыўда күтилип атырған өмир даўамыйлығы

2024-жылдың 1-январь жағдайына Қарақалпақстан Республикасы халқының күтилип атырған орташа өмир көриў даўамыйлығы 72,9 жасты қураған. Еркеклер ушын 70,6 жасқа, ҳаяллар ушын болса 75,1 жасқа тең. Қалалық жерлер ушын күтилип атырған орташа өмир көриў даўамыйлығы 70,5 жасты, аўыллық жерлер ушын 75,4 жасты қураған.

Қарақалпақстан Республикасында қуслар бас саны

2024-жылдың 1-январь жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасында бәрше түрдеги хожалықларында қуслар бас саны 5. 271,2 мыңға жетти. Өсиў пәти 2023-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда 101,4. % ти қурады.
Қуслар бас санын хожалық тайпалары бойынша анализ қылғанда, ең үлкен көлеми – 3 985,3 мың бас дийқан ҳәм қыйтақ жер хожалықларында гүзетилди.

ҚР статистика басқармасы мәлимлеме хызмети.