530 ТҮРЛИ БАКТЕРИЯДАН ҚОРҒАЙЫҚ

Ҳәзирги ўақытта зыянкеслер менен белгили дәрежеде байланысқан бактериялардың 530 дан көбирек түрлери белгили. Микроорганизмлер ҳәм олардың өнимлеринен, спораларынан санаат көлеминде биопрепаратлар таярлаў ушын алды менен керекли муғдарда споралар таярланады.
Микробиологиялық препаратлардың аўыл хожалығында абзаллығы соннан ибарат, бул затларда жағымсыз ийис болмайды. Инсан ҳәм ҳайўан организмине, пайдалы жәнликлерге, өсимлик дүньясына зыянлы тәсир көрсетпейди. Сол себепли де микробиологиялық препаратлар, өнимди жыйнап алыўдан алдын зиянкеслерге қарсы гүрес өними сыпатында пайдаланылады. Соның менен бирге микробиологиялық препаратлар менен параллел рәўиште энтомофаглардан да пайдаланыў мүмкин.
Өсимлик зиянкеслерине қарсы гүресиўдиң химиялық усылларын қолланыўдың көп жыллық практикасы – белгили муғдарда артықмашылығы химиялық методтың айрым кемшиликлерин де көрсетеди. Мәселен, химикатлар тек ғана зыянлы насекомаларды жоқ етип қоймай, пайдалы насекомалардың да жоқ болыўына алып келеди. Айрым химикатлар топырақта, өсимликлерде, ҳайўанларда топланады.
Микроб препаратларының артықмашылығы, олардың спетсификлигинен ҳәм айрықша тәсир етиўшилик күши олар гүресип атырған зиянкеслерди ғана жоқ етеди, адам ҳәм ҳайўанларға зиянсыз болады. Өсимликлерди қорғаўдың микробиологиялық усыллары кең түрдеги тәсир етиў спектирине ийе.
Бул препарат қурғақ унтақ түринде болып, 1 грамында 30 млрд. спора болады. Оны тоғай зиянкеслерине қарсы гүресиў ушын қолланады.
Замарықлардан таярланған боверин препараты колорадо қоңызы ҳәм де мәдений өсимликлердиң жапырақ кемириўшилерине қарсы гүресиўде эффектив қурал болып табылады. Өсимлик кеселликлерин қоздырыўшыларға қарсы гүресте ҳәр қыйлы микроб препаратлар, көбинесе антибиотиклер қолланылады. Бул группаға фитобактериомитцин, трихотетцин, полиметцин ҳәм тағы басқалар киреди.
Фитобактериомитцин соя ҳәм фасол (ловия) өсимликлериндеги бактериоз кеселликлерине қарсы және пахта, қант ләблебиси, картошка өсимлигиниң айырым кеселликлерине қарсы гүресиўде үлкен күшке ийе.
Трихотетсин антибиотиги көгертиўши замарық арқалы алынады, ол қыяр, темеки, жүзим, дәнли өсимликлердиң тамырының шириўине қарсы гүресиўде қолланылады.

Алишер Джиемуратов,
Нөкис халық аралық аэропорты инспекторы.