СЫНАЎЛАРДА СЫНБАЎДАН САБАҚ БЕРЕСЕҢ, МОЙНАҚ!

Арал теңизимиздиң соңғы тәғдири ҳәм экологиялық ақыбетлери бүгин глобаль машқалаға айланған. Дүнья еллериндеги ири шөлкемлер минберлеринде турып айтылып, Президентимиздиң басламасы менен анық шешимлерге бағдарланбақта. Теңизимиз қайтпаса да, инсанлар қәлбинде үмит “бас көтерди”. Қаңырап жатырған кимсесиз Аралқум шөлистанлары бүгин инсан қолы менен гүлистанға айландырылмақта. Егилип атырған сексеўил ҳәм басқа да шөлге шыдамлы өсимликлер нәлшелери ҳәр биримиздиң үмит нәлшелеримиз…

Мойнақ – мәнаўият бесигин шайқатқан мәскан

Бир қатар ири кәрханалар ҳәм өндирис орынлары жаратылып, көп ғана мәдений илажлардың да орайына айланған Мойнақта бүгин және байрам. “Әлем нурға толсын сениң менен Наўрыз!” сүрени тийкарында өткерилип атырған үлкен Наўрыз этнофестивалы болды. Онда Наўрыз тағамлары, миллий дәстүрлер, өнерментшилик буйымлары, халық ойынларын өзинде жәмлеген көргизбелер шөлкемлестирилди. Илажды район ҳәкими Бахтияр Меңлибеков ашып, район халқын ҳәм мийманларды Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Концерт бағдарламасына республикамыздың эстрада жулдызлары қатнасты. Мойнақ районы Мәденият бөлими ҳәм көркем өнер мектеби жәмәәтиниң әдебий композициялық көринислери инам етилди. Олар өз шығыўларында қарақалпақ ҳәм туўысқан халықлардың миллий намаларын атқарып, қыз-жигитлер, айтысы ҳәм басқа да фольклорлық сахналық көринислерди шөлкемлестирди.
– Наўрыз байрамы салтанатларында қатнасып атырған шет елли мийманлардың қатары жылдан-жылға кеңейип бармақта.
Бүгинги байрам илажына, 50 ден аслам туристлер атап айтқанда Англия, Италия, Франция, Польша, Германия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлерден мийманлар келип, миллий қәдириятларымыз сәўлеленген ҳәр бир көргизбени, миллий спорт ойынларын, үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етип атыр. Соның менен бирге 30 ға жақын ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер де келген, – дейди Мойнақ районы баспасөз хаткери Дариға Абылаева.

Миллий спорт жарыслары тамашаларға бай болды…

Палўанлар гүреси кескин беллесиўлери менен узақ даўам етти. Бир-бирине жеңислик бермес палўанлар гүреси жыйналған аламанның қыйқуўынан дәрпенер емес. Узақ алысыўлардан соң жеңис ҳәм жеңилис анықланды. Арқан тартысыў, қошқар дүгистириў, қораз урыстырыў, қол урысы ҳәм гир көтериўге де қала ҳәм районлардан спортшылар қатнасып, бириншилик ушын ат салысты. Соң жеңимпазларға аталған саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Наўрыз сейили – татыўлық тымсалы

Наўрыз сейили көргизбелеринде халқымыздың бир қазаннан ас ишип, бир дастурханнан нан жеўдей татыўлығы және де өз көринисин тапты. Мойнақ районында да қазақ, өзбек, қарақалпақ, түркмен, татар, рус ҳәм басқа да миллет ўәкиллери аўызбиршиликте жасап келип, өз көргизбелерин инам етти.
Узақ-жақыннан байрамның ишинде болыўға асыққан, бәҳәр гүллериндей жасанған қатнасыўшылар ҳәм шыңқобыздың сыйқырлы сести менен аламойнақ дуўтарымыздың гүмбирлеген жағымлы сести бәри-бәри байрам қуўанышына қуўаныш қосты. Әл ҳаўаға тербелген әткөншекте ушып, Наўрыз сүмелегинен дәм татыў аўызбиршилик ҳәм сыйласықтың тымсалы емес пе?!

Ҳәким ҳәм журналист ушырасыўы

Байрам илажынан соң район ҳәкими Бахтияр Меңлибеков баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, блогерлер менен ушырасыў өткерди.
Тийкарғы мақсети – райондағы исленип атырған жумыслар, Мойнақтың жаңаланып атырған экономикалық ҳәм мәдений барысы менен жақыннан таныстырыўдан ибарат болды.
Ушырасыў барысында ҳәр бир тараўдағы жетискенликлер, жаңа өзгерислер салыстырмалы түрде атап өтилди.
Халықтың турмыс дәрежесиниң сезилерли дәрежеде асқанын, жаңадан жолға қойылып атырған жумыс орынлары менен қатнасыўшыларды жақыннан таныстырды. Артимия санааты, қамысшылық ҳәм музейлерди кеңейтиў, сондай-ақ, келешекте “Кемелер қәбиристаны” ның қасынан “Балықшылар аўылы” саяхат орнын шөлкемлестириў режелери ҳаққында яғный балықшылардың ески қамыстан исленген үйлерин көширип өз алдына усы атамада музей ашыў режелери ҳаққында мағлыўмат берди.

“Дәў қашқан пишен”

Бул аңыз-рәўиятты мойнақшылар жүдә жақсы биледи. Күнделикли турмысы басқалар сыяқлы дийқаншылық пенен емес ал, көл, суў менен байланыслы болған олар қамыс, пишенлерди орып, күн–көрисине жаратады, аўысқанын сатады. Бул аймақта балық аўлаўдан, ший тоқыўдан да қыйынырақ жумыс бар. Бул–пишен орыў екен. Пишен жүдә узын ҳәм жүдә қатты болып, арасына кирсеңиз қапырықтан қысылып қалыў ҳеш гәп емес. “Қай жердиң аңын сол жердиң тазысы менен аўла” дегендей пишен орыў тәсилин өзлери ғана жақсы биледи. Усы орында мынадай аңызы бизди ҳайран қалдырды. Ерте заманларда бир дәў «Мен ҳеш нәрседен қорықпайман, мен ҳәммеден күшлимен» дер екен. Сонда бир ақыллы ғарры; – онда мына пишензарлықты орып бере аласаң ба? – депти. Дәў өз турпатына ҳәм күшине исенип аўа – депти де, иске кирисип кетипти.
Пишензарлықтың бир шетинен орыўға түскен дәў, арғы шетине жетип, изине қараса, пишенлер және өсип шыға берипти. Дәў қанша орғаны менен, пишен изинен өсип шыға берипти. Бул бир неше мәрте қайталана берипти. Ақыры дәў шаршапты ҳәм таслап кетип қалыпты. Соннан халық арасында “Дәў қашқан пишен бул” деген гәп қалған екен.
Бир ўақытлары дүньяға даңқы тараған Арал теңизимиздиң музейлердеги келбетин, тәғдирин көрип, ал бир пайытлары асаў толқынларды қақ айырып жүрген қүдиретли кемелердиң болса, бүгин суўынан айырылып, баўырын жерге берген қәбиристанын зыяратлап, ишлей түсинисиў ҳәм хошласыў ҳеш кимге де аңсат кешпесе керек. Сол турысында да бәршеге сабақ берип тур-аў. Соның менен бирге инсан бәри бир изленсе имкан табады екен.
Жақын арада Аралқум Аралтоғайға айланыўына исенемиз. Мойнақлылар жаңаша өмирге қәдем қойған.

Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Өз хабаршымыз.
Мойнақ районы.