Елимизде қос байрам, яғный буннан 31 жыл алдын социаллық-сиясий орталықта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы совети тәрепинен дүзилген Конституциялық комиссия Конституция жойбарын ислеп шығып, 1993-жыл 9-апрель күни Жоқарғы советтиң 12-шақырық 12-сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясын қабыл етиў ҳаққындағы Нызамын тастыйықлады.
Соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик герби ҳаққында”ғы Нызам 1993-жыл 9-апрельде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХII сессиясында қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенлигин аңлатады, ал Конституция мәмлекетимиздеги жоқары юридикалық күшке ийе болған ҳуқықый ҳүжжет болып табылады. Конституция тийкарында ҳǝм оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басқа нызам ҳǝм нызам асты ҳүжжетлери қабыл етиледи.
Конституция тийкарынан 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат болып, онда Өзбекстан Республикасы менен Қарақалпақстан Республикасының өз-ара қатнасықлары Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ортасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы шеңберинде дүзилген шәртнамалар ҳәм келисимлер арқалы тәртипке салыныўы, халық ҳәкимияты, Конституция ҳәм Нызам үстинлиги, Қарақалпақстан Республикасының халықаралық ҳәм сыртқы экономикалық байланыслары, халық ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм миннетлемелери, жәмийеттиң экономикалық негизлери, Қарақалпақстан Республикасының аймақлиқ дүзилиси бойынша мәселелер кең көрсетилген.
Сонлықтан, Конституция мәмлекет, миллет ҳәм халық ретинде кейинги қәдемлеримизди анықлап алыўымыз ушын оғада әҳмийетли мәселелер, әдалатлы жәмийет қурыў жолындағы үлкен қәдем болып табылады.
Ғәрезсизлик жыллары даўамында мәмлекетимизди және де демократияластырыў ҳәм пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў тараўындағы әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде Конституциямызға усы күнге шекем 8 мәртебе өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Тийкарынан, мәмлекет, оның уйымлары, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралар жоқары юридикалық күшке ийе болған Конституциямызға ҳәм нызамларымызға муўапық ҳәрекет етеди. Усы Конституциядағы режелердиң бирде биреўи Қарақалпақстан Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине зыян келетуғындай етип түсиндирилмейди. Бир де нызам ямаса басқа да нормативлик ҳуқықый актлери Конституцияның нормаларына ҳәм принциплерине қайшы келиўи мүмкин емес.
Солай екен, бүгинги күнде елимизде инсан мәпи, оның ҳуқық ҳәм еркинликлери, билим алыўы, еркин кәсип танлаўы, әдалатлы жумыс шараятында өз искерлигин жүргизиўи, өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, медициналық жәрдемнен емин-еркин пайдалана алыўы, турмыс, жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланған шаңарақ, ата-анаға, перзентке ғамқорлық қылыў сыяқлы қәдириятлар Конституция дәрежесинде беккемленгенлигиниң нәтийжесинде алға қарай жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўы жолында қәдем тасламақтамыз.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы, мǝмлекетимиз тǝрепинен оның экономикалық, сиясий, мәдений, социаллық тәрептен раўажланыўына итибар қаратылыўы, бүгинги күнде Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлерде де айқын көринеди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 9-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында”ғы 66-санлы Пәрманы, 2022-жыл 7-июльдағы “Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халық саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында”ғы қарарының қабыл етилиўи соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2024-жылда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигине көмеклесиў бағдарламасы ҳаққында”ғы қарары орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халық бәнтлигине көмеклесиў бойынша нәтийжели жумыслар алып барыў, жаңа финанслық қураллар, бир-бирин толықтырыўшы системалар, финанслық тǝрептен көмеклесиў ҳәм қоллап-қуўатлаў системасын енгизиў белгиленген.
Соны да айтыў керек, Конституция ҳәм нызамларымызда биринши нәўбетте инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери нызамларымыздың ҳәр бир министрлик ҳәм кеңсе искерлигиниң мазмунына айланыўы қатаң талап ретинде белгиленеди. Бул болса мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың тек ғана пуқаралардың мәплерин гөзлеп искерлик көрсетиўине тийкар болады.
Сонлықтан, нызамлардағы қарама-қарсылықлар ҳәм машқалалар инсан пайдасына шешилиўи шәрт ҳәм зәрүр. Усыған тийкар, инсан ҳәм мәмлекет ортасында мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы нызамшылықтағы қарама-қарсылықлар, түрли түсинбеўшиликлер сапластырылады.
Элмурод ТУРСУНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри.
