МАҚСЕТИНЕ ЕРИСКЕН СПОРТШЫ ҚЫЗ

Бүгинлиги жаңа әўладтың көркемөнер ҳәм спортқа болған ықласы жүдә бәлент. Сонлықтан шығар бул тараўға тек ғана тамашагөй болып қалмастан тиккелей орынлаўшы сыпатында қатнасыўшылар бир талай.
Пайтахтымыздағы 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Меҳрийбан Медетова спорттың баскетболь түрине белсенди қатнасыўшыларының бири. Ол бул ойынға 4-класстан баслап қызыққан. Жылдан жылға тәжирийбеси артып, мектеп оқыўшылары арасында өткерилген қалалық ҳәм республикалық жарысларда бир неше рет командасының жеңимпаз болыўына өз үлесин қосқан.
М.Медетованың шаққанлығы ҳәм топты корзинкаға дәл түсириўдеги шеберлиги тренерлерден Алима Жиемуратова менен Халима Баймуратовлардың нәзеринен сыртта қалмады. Соңғы еки жыллықта Меҳрийбанды он сегиз жасқа шекемги ҳаял-қызлар арасында дүзилген Қаракалпакстан республикалық сайланды командасына қосып алды. Өзбекстан көлеминдеги бир қатар жарысларға қатнасып,тәжирийбеси тағы да артып барды.
Усы жылы он сегиз жасқа шекемги ҳаял-қызлар арасында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионаты жарысына команда қурамында белсене қатнасып өзин көрсетти. Команда ағзаларының аўызбиршилигинде дәслеп Сурхандәрья, соң Әндижан, Наманган командаларын үлкен есапта утып шығып, финалда Фергана командасы үстинен жеңиске еристи. Солай етип, Қарақалпақстан ҳаял-қызлар командасы Өбекстан хаял-кызлары арасында өткерилген жарыстын чемпионы болды. Команда ағзалары медаллар ҳәм баҳалы саўғалар менен менен сыйлықланды. Олар ҳаял-қызлар арасында өткерилетуғын жер жүзилик чемпионатларға катнасыў ҳуқықын жеңип алды.
«Усындай табысларға тренерлеримниң ҳәм командадағы досларымның қоллап-қуўатлаўлары менен жетистим» – дейди, Меҳрийбан Медетова.
– Алдымызда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанымыздың баскетбол спортын дүнья сахнасына алып шығыўдай уллы мақсетлеримиз турыпты. Несип етсе, әлбетте буған да ерисемиз деген үмиттемиз.

Көбейсин ЕРНАЗАРОВ,
Журналист.