«МАҒАН ЎАҚЫТ ҚӘДИРЛИ, ТЫНЫШ ОТЫРАЛМАЙМАН»

Бурынлары аўылдан тасыйтуғын едик, ҳәзир аўылға апаратуғын болдық. Үй алды қыйтақ жеримизден әдеўир өним алып, ўақтында жеп, қазанға саламыз. Таза ҳалында, керегиңди алып жеў жаныңның рәҳәти, кеўлиңниң тоғы, шаңарағыңның берекети, дәстурханыңның молшылығына не жетсин, – деп азмаз ҳәрекетимиздиң ҳәм мийнетимиздиң жемисине сүйсинемиз.
Заманласымыз Алмахан Егемуратова әлле қашан ҳәрекетин баслады. Үйиниң қапталындағы еки теплицасындағы помидор-қыярлары түйнекке отырып көп өтпей дастурханын толтырады.
– Бир емес еки теплицаңыз сырттан қарағанда шаңарағыңызға әжайып пайыз берип тур-аў… Кимнен үйренип, мәсләҳәт алдыңыз,–…
– Интернеттен көрдим ҳәм қызығып излендим. Себеби, 2020-жылы бөтекем аўырып, операция болдым. Ҳәзир бир бөтекеде жүрмен. II топар майыбыман. Операция ўақтында бир профессор таза мийўе-палыз өнимлерин жеўим кереклигин айтқан соң ҳәрекетимди басладым.
2022-жылы кишкене теплица ислеп, помидор, қыяр, бурыш егип, шаңарағымызға арқайын жетти. Үйрениўлерим барысында помидорға 30 градус, қыярға 35 градус ыссылық керек екен. Оннан соң үлкенирек етип екинши теплицаны ислеп, помидорды бөлек ектим. Қызықсаң билимиңди асырып бара береди екенсең. 24-январь күни кишкене ыдысларға тухым салып, айнаның алдына қуяшқа қойып көгерткен нәллерим, түйнеклеп атыр. Ҳәрекетиме, мийнетиме бола, көпшиликтен бурын таза палыз өнимлерин жеймиз, – дейди дәўир менен адымлас, пикирлес Алмахан Егемуратова.
Ҳақыйқатында да Алмаханның ҳәр бир ҳәрекетине қайыл қаласаң. “Маған ўақыт қәдирли, көше дегенди билмеймен” деген оның сөзлери ҳақыйқый тастыйығын таўып тур. Еки теплицадан тысқары пияз, гешир, қулпынай, ләблеби өнимлери жер бетин қаплап, көзиңди қуўантса, роза гүли кеўлиңди жайнатады. Буннан басқа таўық, қой бағып, шығындыларын атызларына төгин етип шығарса, үйден шыққан мийўе-жемислердиң де қабықларын таслап жибермей суўға салып, өнимлерине пайдаланып, тамшылатып суўғарыўлары бәри-бәри мийнет болса, рәҳәтин көриўине тилеклес боласаң.
Усындай ҳәр бир нәрсени итибарсыз қалдырмай, керексиз зат деп қарамай, тек берекетли шаңарағының молшылығын тәмийинлеўге қаратқан итибарынан кеўли толған, аймағының бир ҳаялының ҳәрекетин, ертеңги күнге деген умтылысын көпке өрнек етиўди қәлеген 30-санлы мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси Жанар Нурмуханова үйинде жумыссыз бос отырған аймақ ҳаял-қызларына мастер-класс есабында жумысларыңыз бойынша айтып, оларға мотивация берсеңиз жүдә жақсы болар еди деген пикирин де билдирди.
Алмахан Егемуратованың искерлиги, алға талпыныўы шаңарақта бир-бирин түсиниў, қоллап-қуўатлаў баслы жетискенлиги. Өмирлик жолдасы Жалалатдин Ещанов пенен 1 ул, 1 қызды тәрбиялап, улы әкеге, қызы анаға ең жақын жәрдемшиси болып, көпшилик өрнек алса арзыйтуғын шаңарақ тербендирип атыр.
Ҳәр бир нәрсени себеп етпей, алыстан емес жақынымыздан жақсы ҳәрекетлерди үйренейик, әзизлер.
Зибира АБДИНИЯЗОВА,
арнаўлы хабаршымыз.