Шүкираналық дегенде инсан баласы бул жақты дүньяға келгенине, саў-саламат өмир сүрип атырғанлығына, ели-халқына азлы-көпли хызмет еткенине, бала-шағасы менен тыныш-татыў, қәтержамлықта турмыс кеширип атырғанлығына, әтирапында оны ҳүрмет етип билетуғын ярыў-досларының бар екенлигине шүкирлик етип жасайды. Бул бәршемиздиң қыялымызда, кеўлимизде бар сезим.
Өмирди сүйип жасаўдың өзи бир бахыт. Себеби, сен барсаң, сен тирисең. Сен ҳәрекеттесең. Таңнан аман шыққаныңнан баслап, жатарға шекем жаңағы айтып кеткенимиздей ел-халыққа, жақын-жуўықларыңа, досларыңа, шаңарағыңа, ең болмағанда кимгедур бир адамға жақсылық еттиң бе – демек сен саўап ис қылдың. Енди сен ел-халықтың нәзериндеги инсансаң. Яғный сен керексең. Бул дүньяда биреўлерге керек болып жасаў бул зор бахыт. Бахыт деген не? деген сораўға ҳәр кимниң өз жуўабы болғанындай мениң де жуўабым сол.
Бир жерде оқығаным бар еди: Гей бир инсанлар болады, әллеқашан бул дүньядан өтип кеткен, арамызда жоқ. Бирақ еле де тири жүргендей, биз олардың ели, журты ушын ислеген хызметлерин жийи-жийи еске аламыз.
Ал, гейбир адамлар бар-тири, өмир сүрип атыр. Бирақ, олар бул дүньяда барма-жоқ па? Бул мәселе ҳеш кимди қызықтырмайды.
Бир данышпанның айтқанындай: “Жылап турған адамға жәрдем берип, оның көз жасын тоқтатқан адам, саўаш майданындағы қаҳарман менен теңдей”. Бул дүньяда адамларға жақсылық етип жасаў, адамгершилик пазыйлеттиң ең ағла көринислериниң бири деп ойлайман ҳәм усындай пазыйлетти берген, тәрбиялаған ата-анама шүкираналық етемен.
Әлбетте, исми-жисмине сай келетуғын мақтаныш пенен тилге алыўға арзыр инсанларды көргениңде сүйсинесең. Сол адамлар менен сәўбет қурғың келеди. Мәселен, қандайдур бир мереке-мәжилиске сондай инсанлардың баратуғынын еситкениңде солар менен бирге отырарыңды еслеп кеўлиңди қандайдур бир қуўанышлы, әжайып сезимлер уялайды. Бул да бир жақсылықтың нышаны.
Адам баласының көпшилиги өзине қойылған исми-шәрийпине мас келеди екен. Ал, исми-жисмине сай келмейтуғынлар да арамызда жоқ емес. Бул енди пүткиллей басқа мәселе. Маған қойылған исмге келер болсақ жүдә бир қызық ўақыя болған. Мениң өзим 1962-жылы, 12-июль күни Шымбай районының Кеңес совхозында туўыў үйинде дүньяға келгенмен. Ол ўақытлары бурынғы Аўқамның дәўири. 1961-жылы, 12-апрельде Юрий Гагаринниң ракетада космосқа ушып, барып қайтқаны үлкен жаңалық болып атырған пайытлар. Мениң туўылыўыма көмеклескен киндик шешемиз (ҳәммемиздиң де киндик шешемиз туўыў үйиндеги акушеркалар болып есапланады) татар миллетинен болған Екатерина деген ҳаял “Мине, Гагаринли болдың” деп, анама ойласпастан мениң атымды туўылыў гүўалығыма Гагарин деп жазып жиберген. Анамды туўыў үйинен алып кетиўге келген анамның анасы, яғный мениң кемпир апам Сахипжамал атлы ғайбар кемпир болған:
– Ақлығымның атын ким қойдыңлар? – деп сорағанында Гагарин деген жуўапты алады. Буған ашыўланған кемпир апам, метриканы жыртып-жыртып, киндик шешемиздиң бетине ылақтырып, мени аўылдағы белгили Шарап мақсымның баласы Тәжетдийин моллаға апарып, қулағыма Азан айттырып, мусылман болсын деп, Шүкирбай деп исмимди қояды.
Мен өзиме қойылған бул исмге өмиримше садық болып киятырман. Турмыстың ҳәр қыйлы ғалма-ғалы, тәшўишлери, аўырманлық пенен қысыўметлерин басымнан көп кеширдим. Мен буларға көп налымадым. Дурыс, қапа болған пайытларым болған. Лекин, шүкиршилик етемен де тез умытаман. Бендени бул дүньяға келтиреринде тәғдирин қоса жаратар екен. Сол ушын ҳәмме нәрсе Жаратқанның әмири менен болып атырғанына ҳәм оның айтып қойған: “бир тәшўиштиң изинен жиберер бир қуўанышым бар!” деген ўәдесине исенип, шүкиршилик етип, тез умытаман. Дос-душпанымды да көп күттирмей кеширип жиберемен. Бул сөзлеримди мени жақсы билетуғынлардың бәри тастыйықлаўы мүмкин. Ҳәр бир дәўирде де шүкиршилик пенен жасаўды халқымыз қарыз ҳәм парыз билген. Өзимниң де солардың бири екенлигимнен шүкирлигим көп.
Мениң келешек әўладқа, халқыма тилер тилегим көп.
Бул дүньяда кеширимли болып жасаң. Кеширимли адам ғана ири адамға айланады. Себеби, оның жүреги кең, несийбеси мол болады.
Биринши болып кеширим сораў ҳәлсизликти билдирмейди. Киширейиў – төменлеў емес, қайтама сениң уллылығыңды көрсетип турады. Уйқыға жатар алдында бәрин кеширип, шүкирлик етип, таза жүрек пенен уйқылаңлар. Ҳеш қашан ҳеш кимди қызғанба. Алла ырысқал-несийбе менен ығбал-бахытты ҳәр кимге ҳәр қыйлы етип береди. Адам қызғаныштан тез қартаяды, ҳәр нәрсеге ренжий берсең аўырыў пайда болады. Адам баласы биреўге ырза болса кемшилигин көрмейди, ал биреўге қапа болса жақсылығын көрмейди. Адамның кеўлине қарап сөйлеў – адамгершилик белгиси.
Мен пәндиў-нәсият тилеклеримди илҳам периштеси аталмыш Аязий шайырымыздың мына қосығы менен жуўмақламақшыман:
Серле, ҳәй инсан баласы,
Жамандур кеўил аласы,
Адам-адамның қуяшы,
Кеўил-кеўилден суў ишер!
Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.
