Өзбекстанда жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин еле де асырыўға қаратылған искерликти жетилистириўде, жас әўлад ўәкиллерин руўхый ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда мәмлекетлик, соның менен бирге, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен бир қатар
илажлар әмелге асырылып атыр.
Президентимиз басшылығында 2019-жыл, 19-мартта “Жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, информациялық технологиялар, китап оқыўға қызығыўшылығын асырыў бойынша 5 әҳмийетли басламаны әмелге асырыў ҳаққында” өткерилген видеоселектор жыйналысында жасларды раўажландырыўға қаратылған мәселелер додаланды ҳәм тараўларға тийисли 5 әҳмийетли баслама илгери сүрилген еди.
Усы бес әҳмийетли баслама олимпиадасы шеңберинде “Жаслар ҳаўазы – Бозатаў Фест” таңлаўы да ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип келинбекте.
Үш жас категориясында 4 жөнелис бойынша өткерилетуғын таңлаў көркем өнерди сүйиўши жасларды өз әтирапына жәмлеп атыр. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәлледен жәми 20 179 жас таңлаўдың дәслепки басқышында қатнасты.
Усы жылдың 15-16-апрель күнлери таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы Нөкис қаласында көтериңки руўхта
өткерилди. Онда қатнасыўшылар дәстүрий атқарыўшылық, опера, бақсышылық ҳәм эстрада бағдарлары бойынша 10-15, 16-22, 23-30 жас категориялары бойынша беллести. Ҳәр бир жөнелис бойынша 17 район ҳәм қала ўәкили өз жас категориясында бар талантын көрсетиў ушын ҳәрекет етти. Таңлаўда қатнасқан қатнасыўшылар төрешилер тәрепинен атқарыў уқыбы, даўыс мүмкиншиликлери, сахна мәденияты ҳәм липасы сыяқлы қағыйдалар бойынша баҳалап, жуўмағында жас категориялары бойынша жөнелис жеңимпазлары анықланып, олар мүнәсип сыйлықланды.
Таңлаўға жәми 150 ден аслам жаслар қатнасып, ең мүнәсиплери жеңимпазлықты қолға киргизди. Атап айтқанда, “Эстрада” бағдары бойынша 10-15-жас категориясында Нөкис қаласынан Асемай Уракова, 16-22 жас категориясында Нөкис қаласынан Оразбийке Жиенбаева, 23-30 жас категориясында Нөкис қаласынан Тимур Нуратдиновлар сыйлы 1-орынды, “Опера” бағдары бойынша 10-15 жас категориясында Мойнақ районынан Сайтмурат Таганов, 16-22 жас категориясында Нөкис қаласынан Сарбиназ Каримбаева, 23-30 жас категориясында Ринат Базарбаевлар сыйлы 1-орынды, “Миллий атқарыўшылық” бағдары бойынша 10-15 жас категориясында Беруний районынан Шерзод Зарипов, 16-22 жас категориясында Елликқала районынан Сухроб Мадраимов, 23-30 жас категориясында Әмиўдәря районынан Хурсан Шукурллаевлар сыйлы 1-орынды, ал, “Бақсышылық” бағдары бойынша 10-15 жас категориясында сыйлы 1-орынды Нөкис қаласынан Умида Аяпова, 16-22 жас категориясында Нөкис районынан Зулхумар Елиўбаева, 23-30 жас категориясында Бозатаў районынан Қуўаныш Сейтимбетовлар сыйлы 1-орын жеңимпазлары деп табылды. Бул жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы басқышына қатнасыў жолламасына ийе болды ҳәм қызғын таярлықларды баслап жиберди.
– Бул таңлаўға алдын да қатнастым. Бирақ та қалалық басқыштың өзинде-ақ кейинги басқышқа өте алмастан қалып қойған едим. Оның менен тоқтап қалмадым, және де өз даўысым үстинде ислеп, эстрада бағдары бойынша билимлеримди жетилистирип, устазларымнан тынымсыз мәсләҳәтлер алып, шынығыўлар алып бардым. Финал басқышта пүткил Өзбекстан жаслары менен бир сахнада турып, өз талантымды жүзеге шығарыў ушын бар күш-ғайратым менен ҳәрекет етемен, – дейди жеңимпазлардың бири Оразбийке Жиенбаева.
Финал басқышта, қарақалпақстанлы жаслардың талант ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыўшы бул жасларға әўмет яр болыўын тилеймиз.
Пүткил Өзбекстан жасларын Бозатаўда бирлестириўши бул таңлаў әллеқашан жаслардың кеўлинен орын алып үлгергени ҳақыйқат. Май айының соңғы күнлеринде өткерилиўи режелестирилип атырған бул таңлаўдың финал басқышын жоқары кейпиятта өткериў мақсетинде шөлкемлестириў жумыслары баслап жиберилди.
Өзбекстанның барлық талантлы, қәбилетли жасларын Бозатаўда асығыслық пенен күтемиз!
Индира МАМБЕТНАЗАРОВА,
Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы жаслар ислери басқармасы Баспасөз хаткери.
