НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢАЛЫҚЛАР

Мәмлекетимизде күннен-күнге автомото транспорт қураллары саны кѳбейип баратырғанлығы ҳәм автомото транспорт қураллары менен байланыслы бахытсыз ҳәдийселердиң саны жүдә ѳсип кеткенлиги себепли пуқараларымыздың жолларда ҳәм кѳшелерде қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-июль күнги «Авто-мото транспорт қураллары басқарыўшыларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў, оларды имтиханнан ѳткериў системасын түптен жетилистириў шара илажлары туўрысында»ғы 393-санлы қарары қабыл етилди.
Бул қарар менен «Авто-мото транспорт қуралларының ҳәм қала электр транспорт қуралларының дүзилиси ҳәм оларға техникалық хызмет кѳрсетиў», «Жол ҳәрекети қағыйдалары», «Авто-мото транспорт қуралларын қәўипсиз басқарыў» ҳәм «Ҳәрекет қәўипсизлиги тийкарлары» пәнлеринен сабақ беретуғын оқытыўшылар ретинде тек авто транспорт тараўы бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған шахслар қабыл етиледи.
Сондай-ақ жол транспорт ҳәдийсесинде биринши жәрдем пәнинен сабақ бериўшилер ретинде медицина қәнигелиги бойынша жоқары ямаса орта арнаўлы мағлыўматқа ямаса «Асығыс медициналық жәрдем кѳрсетиў» бойынша инструктур (парамедик) илимий тәжирийбе сертификатына ийе болған шахслар қабыл етиледи.
Қарар менен шынығыўлардың шѳлкемлестириў формасына қарамастан, Авто-мото транспорт қуралларын басқарыўшыларды таярлаў ҳәптесине 20 саатқа шекем, күнделик кѳлеми 4 саатқа шекем жойбарластырылады. Айдаўшылардың илимий тәжирийбеси асырылғанлы бойынша берилетуғын сертификатлар тек электрон формада рәсмийлестиреди. Авто-мото транспорт қуралларын басқарыўды үйретиў ушын ажыратылған әмелий шынығыўларды күнделик кѳлеми ҳәр бир инструктор ушын 8 саат артық болмаған мүддетте әмелге асырылады. Әмелий имтиханларды ѳткериўде «В» тайпа ушын ислеп шығарылғанлығына 5 жылдан артық болмаған басқа тайпалар ушын ислеп шығарылғанлығына 10 жылдан артық болмаған автомототранспорт қуралларынан пайдаланылады.
Бирден бир үлгидеги аниматсиялы теориялық имтихан сораўлары базасы 1 000 нан кем болмаған вариантларды ѳз ишине алады.
Сонлықтан 2023-жыл 1-январға шекем Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң автоматластырылған Бирден-бир информация системасы иске түсирилетуғын болды.
Буннан тысқары пуқараларға мәмлекетлик хызметлерди жетилистириў мақсетинде Ѳзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 21-июль күнги 395-санлы қарары менен Жоқары, Орта арнаўлы ҳәм профессионал тәлим туўрысындағы ҳүжжетлердиң дубликатын бериў бойынша мәмлекет хызметлерин кѳрсетиўдиң басқарыў регламенты тастыйықланды.
Регментке кѳре, тәлим шѳлкемин тамамлаған физикалық шахслар тәлим алғанлығын тастыйықлайтуғын ҳүжжет (диплом, сертификат) жоғалғанда ямаса пайдаланыў ушын түп нусқасын жоғалтқанда соның менен бирге фамилиясы, аты, әкесиниң аты ѳзгерген тәғдирде ҳүжжеттиң дубликатын бериў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына шақырық етеди.
Яғный арза беретуғын мәмлекетлик хызметлер орайына шақырық еткенде хызметкер арза бериўши атынан сораўнаманы электрон түрде толтырады. Егер арза беретуғын сораўнаманы Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы толтырса, оның электрон қолы талап етилмейди. Мәмлекет хызмети ушын Базалық есаплаў муғдарының 1 есеси ѳндириледи. Жыйнаў тѳленбегенлиги хызметти усыныў бийкар етиў ушын тийкар есапланады.
Егер сораўнамада надурыс мағлыўматлар кѳрсетилген болса,оларды сапластырыў ушын арза бериўшиге 5 жумыс күнинен ибарат мүддет бериледи. Сораўнама түскен ўақыттан баслап 10 жумыс күни даўамында ҳүжжеттиң кепилликли орган тәрепинен почта хызмети арқалы жиберилиўи мүмкин. Почта жыйнаўы арза бериўши тәрепинен тѳленеди.

Бабур Қалбаев,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик Министрлиги инсан ресурслары бѳлими жетекши мәсләҳәтшиси 3-дәрежели юрист.