ИСБИЛЕРМЕНЛЕР УШЫН

Мәмлекетимизде халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде артықша талаплар, тәртип ҳәм принциплерди қысқартыў ҳәм де әпиўайыластырыў, мәмлекетлик хизметлер сапасын жақсылаў бойынша системалы ис-илажлар әмелге асырылмақта. Және де исбилерменлерден келип түсип атырған мүрәжатлардан келип шығып, оларға мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда мағлыўматларды алыў имканиятларын кеңейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
«Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2023-жылдағы ашық сәўбетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министрлер Кабинетиның қарары қабыл етилди. Қарарға тийкар:
– Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киритилип, исбилерменлик субъектлериниң бирден-бир мәмлекетлик реестрин кредиторлар ушын зәрүр болатуғын қосымша мағлыўматлар менен толтырыў, реестрден көширме алыў ушын белгиленген жыйым муғдарын кемейтиў;
Юридикалық шахслардың ўәкилхана ҳәм филиалларын ашыў (жабыў) ҳаққында мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымды хабардар етиў тәртибин иске түсириў;
Алдын берилген реклама орнының паспортын жаңа түрдеги реклама орнының паспортына алмастырыў ушын арза тапсырыў мүддетин Ташкент қаласында 2024-жыл 1-июньға шекем, қалған аймақларда 2024-жыл 1-июлға шекем узайтыў белгиленген.
Соның менен бирге реклама бойынша тийисли төлем ҳәм мәмлекетлик жыйымлардан ақырғы бес жыл мүддет ушын қарыздарлықты исбилермен тәрепинен 9 ай мүддетке тең муғдарда бөлип төлеў шәрти менен алдын берилген реклама орнының тазасына алмастырыў.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен исбилерменлик субъектлери болған юридикалық шахслардың ўәкилхана ҳәм филиалларын шөлкемлестириў ҳаққында мәмлекетлик дизимнен өткериўши уйымды хабардар етиў, исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа қойыўдың автоматластырылған системасын жаратыў енгизилди.
Б.НУРЛЫБЕКОВ.
Нөкис қаласы Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.