КӘСИП ТАҢЛАЎДА ҚӘТЕЛЕСПЕҢ

Мине, санаўлы күнлерден соң және бир дүркин мектеп питкериўшилери өз ана мектеби менен хошласады. Ҳәр бири өзи таңлаған жолы бойынша бағдар алады.
Ҳәзирги дәўирде жаслардың кәсип таңлаўдағы өз қағыйдалары бар. Базылары кеңседе отырып жумыс ислейтуғын кәсип ийеси болыўға талпынса, ал айырымлары болажақ кәсибиндеги дәраматын, мийнет ҳақысын есап-китап етип, таңлаў жасайды.
Кәсип таңлаўдағы қойылған қәтешилик жумыссызлықтың баслы себеби болып табылады. Мектеп питкериўшилери кәсип таңлаўда өз ойы ҳәм тек шаңарақ ағзалары менен ғана ойласып қоймастан, ал тийисли қәнигелер, психологлар менен ҳәр бир тараў бойынша өзлерин қызықтырған сораўлар дөгерегинде сәўбетлесиўлерге барып, бағыт-бағдарын анықлап алғаны мақул болады. Сондай-ақ, ҳәр бир жас өзиндеги бар болған инта ҳәм қәбилетин есапқа алыўы керек. Сонда ғана келешекте өз кәсиби бойынша қызығыўшылығы менен жумыс ислейди. Жасырарлығы жоқ, көпшилик жаслар өз ата-аналарының үгитлеўи менен өзлери қәлемейтуғын кәсиби бойынша билим алыўға мәжбүр. Айырым жаслар оқыўға төрт жыл ўақыт сарплап, меңгерген кәсиби бойынша жумыс ислемей, ал басқа кәсипке бейимлеседи яки улыўма жумыссыз қалады.
Жасыратуғыны жоқ еле де болса, кәсиплик – көмек арнаўлы тестлери нәтийжелерине көпшилик ата-аналар анық исеним билдирмейди. Онша инабатқа ала бермейди. Бизиң пикиримиз, ҳәр бир жас өзи таңлаған кәсиби арқалы келешегин жаратар екен, жаратылып атырған барлық имканиятлардан утымлы пайдаланса екен деймиз.
Генжегүл ЮСУПОВА,
Нөкис қаласы, 23-санлы мектеп психологи.