«КАРЬЕРА КҮНИ» МИЙНЕТ ЯРМАРКАСЫ

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде жумыс бериўшилерди қамтыған ҳалда “Карьера күни” мийнет ярмаркасы болды. Ярмаркаға 80 нен аслам мәкеме ҳәм кәрханалар өзлериндеги бос жумыс орынлары менен қатнасты. Питкериўши студент жаслар ҳәр бир мәкеме-кәрхананың тарқатпа материаллары яғный баннер, буклет ҳәм көргизбелери менен жақыннан танысты.
– Президентимиздиң басшылығында 2024-жыл 23-февраль күни өткерилген видеоселектрдеги “Жаслар бәнтлигин тәмийинлеў ис-илажлары” бойынша берилген тапсырмаларды орынлаў мақсетинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң арнаўлы буйрығы тийкарында “Карьера күни” мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилмекте. Быйылғы жылы 7700 ден аслам бакалаврлар питкериў алдында. Ең әҳмийетлиси, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша мәкеме ҳәм кәрхана жуўапкерли ўәкиллери менен өз-ара байланыс жолға қойылды.
Бүгин 170 питкериўши студентке жоллама берилди, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети маркетинг бөлими баслығы Фурхат Мақсетов.
Соң Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы ҳәм Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерватынан жумыс бериўшилер шығып сөйлеп, кең түрде мағлыўмат берди.
Ярмарка даўамында бир қатар питкериўши жаслар өз қәнигеликлери бойынша қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ж.ЕМБЕРГЕНОВА,
Сүўретте: “Карьера күни” мийнет ярмаркасынан көринис.